Сөз – халықаралық бақлаўшыларға
9-июль күни мәмлекетимизде болып өткен мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын 47 мәмлекет ҳәм 15 абырайлы халықаралық шөлкемнен жәми 797 халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап барды.
ӨзАның хабаршылары олардан айырымларының елимиздеги сайлаў процесслери бойынша билдирген пикир-усынысларын жазып алды.
Фахриддин КАРАТАЕВ, қазақстанлы бақлаўшы:
– Өзбекстанда болып атырған бүгинги процесс пүткил Орта Азия халықларын, атап айтқанда, Қазақстан халқын да бийпәрўа қалдырмай атыр. Пайтахттағы бир неше сайлаў участкасында болдым. Ол жерде сайлаўшылардың келиўин, кейпиятын көрип қуўандым. Адамлар перзентлери, ақлықлары менен бирге келип, сайлаўда қатнаспақта. Сайлаўшылардың бир-бирине жыллылығы, келешекке исенимин көрип қуўандық. Сайлаўға таярлық ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары оғада жақсы шөлкемлестирилген. 2016-жылдан берли Өзбекстандағы сайлаўларда қатнасаман. Жылдан-жылға сайлаўлардың абырайы артып баратырғанын көрип, гүўасы болып атырмыз. Сырт елли бақлаўшылар да бул жердеги шөлкемлестириў жумысларынан өзлерине үлги алып, үйренип атыр. Соны атап өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниң алдына қойған мақсетлери еки халықты бир-бирине жақынластырып, келешектеги байланысларымызды және де кеңейтеди, беккемлейди.
Лин ГЁТАЛЬС, Европаның Азия изертлеўлер институтының директоры:
– Өзбекстанға қызығыўшылығым оғада үлкен. Мәмлекетиңизге екинши рет келиўим. Ферғана ўәлаятының өзине тән тәбияты, климаты, әсиресе, адамлары ҳәм дәстүрлери мени таң қалдырды. Президент сайлаўына таярлық, пуқаралардың белсендилиги, сайлаў участкаларындағы байрамға сай кейпият адамды қуўандырады. Халық өзи қәлеген талабанға даўыс бермекте. Қайсы жерге бармаң, сая-салқын орынлар таярланған, сайлаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Жасы үлкенлердиң кишкене балаларын қолларынан жетеклеп даўыс бериўге келиўин көрип, таң қалдым. Кишкентайлардың сиясий процесслерди өз көзи менен көрип камалға келиўинде сөз көп. Себеби демократиялық принциплерди турмысқа енгизиўде бул өзине жараса тәрбия усылы есапланады. Елиңизде сайлаўға кең көлемли таярлық көрилген ҳәм сиясий турмыста сезилерли өзгерислер бақланбақта.
Пракаш КЕЖРИВАЛ, сингапурлы халықаралық бақлаўшы:
– Бурын бир қатар мәмлекетлердеги әҳмийетли сиясий процесслерде бақлаўшы сыпатында қатнасқанман. Мәмлекетиңизде, соның ишинде, Қашқадәрьяда бул процесске пуқта таярлық көрилгенин тән алыў керек. Сайлаў участкаларында сайлаўшылардың еркин даўыс бериўи ушын барлық шараят жаратылған. Ҳеш қандай нызам бузылыўларын бақламадық. Адамлар көтериңки руўхта даўыс берип, өз пуқаралық миннетлемелерин орынламақта. Барлық партиялардың ўәкиллери де участкаларда қатнаспақта. Талабанларға әўмет тилеймен.
Еон Ли СИ, Қубла Кореядағы Ханкук шет тиллер университетиниң Орайлық Азия халықлары тиллери кафедрасының баслығы, профессор:
– Сайлаў процесслерин ерте таңнан бақлап бардым. Сайлаў басланғанына еки саат өткеннен кейин сорағанымда айырым участкаларда 20 процент халық даўыс берген екен. Бул халықтың белсендилигин билдиреди. Ҳақыйқатында да, сайлаў участкаларында адамлар толы. Бурын да Өзбекстандағы сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасқанман. Сол ўақытта да халықтың белсендилиги итибарымды тартқан. Қубла Кореяда да адамлар сайлаўға бийпәрўа емес. Бирақ олар бираз белсенди де емес. Адам толы болып, нәўбет күтип даўыс берип атырғанын бизлерде ушыратыў қыйын. Көбинесе халықтың 60 процентке шамаласы сайлаўда қатнасады. Өзбекстанда бул көрсеткиш 80 проценттен асламын қурап келгенинен гүўа болғанман.
Чве Ён ХА, Сонмун университетиниң профессоры, Корея Республикасының Өзбекстандағы бурынғы елшиси:
– Мен бул елде жумыс ислегеним ҳәм кейинги жылларда әмелге асырылған жаңаланыў, өзгерислер процесслерине қызығыўшылығым жоқары екени ушын бул сайлаў процесслеринде бақлаўшы сыпатында қатнасыўға қарар еттим. Сайлаў кампаниясының барысы менен таныстым, даўыс бериў процесслерин бақладым. Ҳәммеси халықаралық стандартлар тийкарында, Өзбекстан сайлаў нызамшылығына толық әмел еткен ҳалда өткерилмекте. Мен Өзбекстанды Кореяның жақын бирге ислесиўши мәмлекети, деп билемен ҳәм елиңиздеги реформалар процесслерин қоллап-қуўатлайман.
Месут Эмре КАРАКОЗЕ, Түркиядағы «Сақыпқыран» стратегиялық изертлеўлер орайының директоры:
– Сайлаўға таярлық, даўыс бериў процесслери жақсы шөлкемлестирилген. Бүгин Өзбекстан халқы өзине мүнәсип жетекшини сайлап атыр. Сайлаў нәтийжеси өзбек халқының ертеңги жарқын келешегине хызмет етеди.
Чишти МАК, Уллы Британиядағы «Chishty consultancy» консалтинг компаниясының баслығы:
– Бәринен бурын, Өзбекстан Президенти сайлаўында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў имканияты берилгени ушын Орайлық сайлаў комиссиясына миннетдаршылық билдиремен. Самарқандтағы үш сайлаў участкасында даўыс бериў процесслерин бақладым. Жумыслар оғада жақсы шөлкемлестирилген. Сайлаўшылардың белсендилигин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Жаслар да, кекселер де участкаға келип, өз конституциялық ҳуқықынан пайдаланбақта.
Мажид Рашед Абдулла МУРШЕД, Азия Паралимпия комитетиниң президенти:
– Биз Ташкенттеги сайлаў участкаларында болдық. Ол жерде пуқаралардың даўыс бериўин бақладық. Сайлаў участқаларының ағзалары ҳәм бақлаўшылардың жумысы да итибарымыздан шетте қалмады. Соның гүўасы болдым, пуқаралар өз ҳуқықларынан емин-еркин пайдаланбақта. Улыўма етип алғанда, ҳәр бир пуқара өзи мүнәсип көрген талабанға даўыс берип атыр.
Картерон ЖАН-ПОЛ, швейцариялы бақлаўшы:
– Өзбекстандағы әҳмийетли сиясий процессте қатнасып атырғанымнан қуўанышлыман. Соны айтыўым керек, кейинги 5-6 жылдан берли түпкиликли өзгерислер жүз берип атыр. Буны халықаралық жәмийетшилик көрип тур. Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўлардың жәҳән турмысына интеграцияланыўы экономиканы раўажландырыўға түртки береди. Ташкенттеги бақлаўларымнан айтыў мүмкин, сиясий ўақыялар қәтержамлық тийкарында өтип атыр. Бир неше сайлаў участкаларында болғанымда сайлаўшылардың кейпиятында көтериңкилик ҳәм қәтержамлықты көрдим. Өзбекстанда буннан былай да раўажланыў даўам етеди, – деп ойлайман. Елиңизди раўажланған мәмлекетлер қатарында көриўимизге исенемен ҳәм солай болыўы да керек.
Тет КЬЯУ, Сингапурдағы «Asian Geographic Magazines» басылымының бас директоры ҳәм бас редакторы:
– Өзбекстанда бурын да болғанман. Бундай сайлаўларда болса халықаралық бақлаўшы сыпатында биринши рет қатнасып атырман. Ферғана ўәлаятында бир неше сайлаў участкаларында болдым. Жумыслар жақсы шөлкемлестирилген. Пуқаралар өз ҳуқықынан емин-еркин пайдаланып атыр. Сайлаўшылардың кейпияты айрықша. Сайлаў ашық-айдын тәризде өткерилип атыр. Сайлаў процесслерин бақлаў менен бирге, ўәлаяттағы тарийхый ҳәм дыққатқа ылайық орынларды да ташамалап атырман. Бул жердиң адамлары мийнет сүйгиш, ҳақ кеўил екен. Миллий өнерментшилик дәстүрлери, жоқары минез-қулқ үлгилерине гүўа болып атырман. Кейин ала дөретиўшилик сапар етип, ойпатқа және келиў нийетим бар.
Ремко РЕЙДИНГ, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң нидерландиялы халықаралық бақлаўшысы:
– Наўайы ўәлаятында әҳмийетли сийсий илажды улыўма демократиялық принциплерге әмел еткен ҳалда өткериў ушын пуқта таярлық көрилгени сайлаўға даўыс бериў процесслеринде айқын көринбекте. Әсиресе, участкалар ҳәм округте процесслерди онлайн бақлап турыў имканияты жаратылғаны сайлаўдың ашық-айдын ҳәм нызамшылық талаплары тийкарында өтип атырғанынан дәрек береди.
Георгий КАЛАНДАРАШВИЛИ, Грузия Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы:
– Сайлаў участкаларында пуқаралардың өз ҳуқықынан пайдаланыў ушын жаратылған шараят, сайлаў процесине таярлық көриў ҳәм даўыс бериўшилердиң күш-ғайратын, келешегине бийпәрўа емес екенин көрип, таң қалдық. Сайлаўға таярлық жумыслары, орынларда дүзилген участкалар ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен мағлыўматлар усынылған, бақлаўларымыз даўамында пуқаралардың пикирлерин тыңлап, халық бул сиясий ўақыяға ең соңғы, алдынғы технологиялар енгизилген. Күннин биринши бөлегинде бес сайлаў аймағында болдым. Конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, халықтың мәпин қорғаў мақсетинде даўыс берип атырған Өзбекстан пуқаралары менен сәўбетлесиў имканияты берилди.
Орайлық сайлаў комиссиясында болып өткен баспасөз конференциясында да қатнасқан едим. Комиссия ўәкиллери тәрепинен республика бойлап дүзилген участкалар, сондай-ақ, үлкен жастағы, майыплығы болған шахслардың даўыс бериў тәртиби ҳәм Өзбекстанға келген халықаралық бақлаўшылар, ҒХҚ ўәкиллери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Хусайн Абрар МИАН, «Pakistan Today» газетасының редакторы:
– Өзбекстанда сайлаў процесслери ашық-айдынлық тәризинде өткерилмекте. Сайлаў участкаларында жоқары дәрежеде таярлық көрилгени, адамлардың кейпияты жақсы екенине гүўа болдым. Сайлаўшылар менен сәўбетлесип, олардың пикирлери менен де қызықтым. Ҳеш биринде наразылық жоқ екенине көзим жетти. Демек, олар сайлаў ҳуқықын емин-еркин әмелге асырмақта. Өзбекстанда өтип атырған сайлаў орталығында дослық кейпият сезилип тур. Пакистанда болса сайлаўда қатнасатуғын партиялар сайлаў күни бир-бирине жаўыз мүнәсибетте болады. Ҳәр бир партия сайлаў күни де өзин көрсетиўге умтылып, байрақларын бәлент көтериўге ҳәрекет етеди. Усылайынша сайлаўшыларды өзлерине қаратпақшы болады. Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан ушын әҳмийетли болған бул сиясий процесс табыслы жуўмақланыўына ҳәм мәмлекетти жаңа раўажланыў жолына алып шығыўға уқыплы талабан жеңиске ерисиўине тилеклеспен.
Томас БИЛЕК, чехиялы халықаралық бақлаўшы:
– Биз Шўрчидағы сайлаў участкаларында болып, тиккелей пуқаралардың даўыс бериў процесслерин бақладық. Райондағы сайлаў участкаларының ағзалары ҳәм бақлаўшылардың жумысы да итибарымыздан шетте қалмады. Биз соның гүўасы болдық, сайлаўшылар өз ҳуқықынан емин-еркин пайдаланбақта. Улыўма етип алғанда ҳәр бир сайлаўшы өзи мүнәсип көрген талабанға даўыс берип атыр. Бул процесс әҳмийетли сиясий илаждың ашық-айдын өтип атырғанын көрсетпекте. Қайсы сайлаў участкасына бармайық, бизге көрилген таярлық жумыслары ҳәм сайлаўшыларға жаратылған шараятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
ӨзА