Бүгинги күни Азия раўажланыў банкиниң қатнасында А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” А-380 автомобиль жолының 673-698 километри (25 километр) бөлегин цемент-бетон қапламасы менен реконструкциялаў жойбары әмелге асырылмақта.
Жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасының 2023-2025-жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының 8-қосымшасына муўапық, 2023-жылы жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў талап етилетуғын инвестициялық жойбарлардың дизимине киргизилген.
Бул жойбар Азия раўажланыў банки қатнасындағы “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” А-380 автомобиль жолының 964-1204 километри (240 километр) бөлегин реконструкциялаў” жойбары шеңберинде үнемленген (48,7 миллион доллар) қаржы есабынан қаржыландырылады. Оның шеңберинде реконструкцияланатуғын автомобиль жоллары Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларының аймағынан өтеди.
Жойбардың улыўма баҳасы 60,9 миллион, соннан Азия раўажланыў банкиниң үлеси– 48,7 миллион, Өзбекстан Республикасының үлеси– 12,2 миллион АҚШ долларын қурайды. Оның техникалық-экономикалық тийкары (ТЭТ) ислеп шығылды.
Жойбар шеңберинде қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў бойынша бөлип алып ислеўши шөлкемлерди анықлаў ушын усы жылдың 8-февраль күни тендер саўдаларына дағаза берилген болып, оның қатнасыўшыларының техникалық усыныслары ашылыўының соңғы күни усы жылдың 11-май күни етип белгиленди.
Бүгинги күни қатнасыўшы компаниялардың техникалық усынысларын баҳалаў жумыслары ақырына жеткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги