Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инcтитуты
2023-2023-оқыў жылы ушын төмендеги бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл ететуғынлығын дағазалайды
Институтта 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери ҳәм тийисли ағзаларынан ибарат комиссия қурамы тастыйықланған болып, белгиленген жоба тийкарында жумыс алып бармақта.
Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын тиккелей байланысыў, тийисли жол-жобалар көрсетиў ҳәм сораўларына жуўап бериў мақсетинде институттың 6-санлы оқыў имаратында «Call-center» ҳәм «Мәсләҳәт орайы» шөлкемлестирилди. Оларға қабыллаў бойынша жуўапкер қәнигелер бириктирилген болып, абитуриентлерге тийисли мәсләҳәтлер берип келинбекте.
Жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыўды буннан былай да кеңейтиў мақсетинде усы жылдың 15-июнь күни «2023-2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-июньдағы «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2023-2024-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тек ғана мәмлекетлик грант бойынша тастыйықланады.
Финанслық еркинлик берилген жоқары оқыў орынларынан тысқары мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына төлемли контракт тийкарында қабыллаў параметрлери болса бойсыныўы бойынша тийисли министрлик (мәкеме) тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланыўы белгиленген.
Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2023-2024-оқыў жылы ушын
– бакалавриаттың күндизги 25 тәлим бағдарына улыўма 2045 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 560 ҳәм төлемли контракт тийкарында 1485 орын;
– бакалавриаттың сыртқы 9 тәлим бағдарына төлемли контракт тийкарында улыўма 550 орын;
– бакалавриаттың кешки 7 тәлим бағдарына төлемли контракт тийкарында улыўма 350 орын;
– магистратура басқышында 22 қәнигелик ушын улыўма 111 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 37 ҳәм төлемли контракт тийкарында 74 орын ажыратылды.
Быйылғы қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлар
Бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарлары арасында «60111900 – Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт» тәлим бағдары жаңадан ашылды. Оған улыўма 30 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант ҳәм 20 төлемли контракт тийкарында орын ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-июньдағы «Педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы қарарына муўапық, 2023-2024-оқыў жылы қабыллаўынан баслап педагогикалық кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының 14 тәлим бағдары бойынша сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайтуғын болды. Сондай-ақ, усы қарар тийкарында 2023-2024-оқыў жылынан баслап педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының педагогика тараўындағы тәлим бағдарларына сыртқы билимлендириў түри бойынша оқыўға тек ғана билимлендириў системасында педагогикалық жумысларда кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған талабанлар қабылланатуғыны белгиленди.
2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаўда бакалавриаттың кешки тәлим бағдарларына биринши мәрте «60111000 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары», «60111400 – өзбек тили ҳәм әдебияты» ҳәм «60111500 – Ана тили ҳәм әдебияты; Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» тәлим бағдарлары жаңадан қосылды. Олардың ҳәр бирине төлемли контракт тийкарында 50 орыннан ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-январьдағы «Шет тиллерин үйрениўди жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылы қабыллаўынан баслап Өзбекстандағы 6 жоқары оқыў орны, соның ишинде, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери бойынша педагогларды таярлайтуғын бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханларында шет тили пәнинен тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў компетенцияларын анықлаў және баҳалаўға бағдарланған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилиўи белгиленген еди.
Усы тийкарда, 2023-2024-оқыў жылы ушын институттың «60111800 – Шет тили ҳәм әдебияты; инглис тили» тәлим бағдарына қабыллаў кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында магистратураға қабыллаў бир жылда еки мәрте – август ҳәм январь айларында шөлкемлестирилиўи белгилеп қойылған еди.
Онда август айындағы қабыллаў – гезектеги оқыў жылы ушын тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарындағы квоталар ушын өткерилсе, январь айындағы қабыллаў – жазда толмай қалған орынлар ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған контракт тийкарындағы қосымша квоталар ушын болып өтетуғынлығы белгиленген еди.
2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаўда магистратура қәнигеликлерине қабыллаў тек ғана бир мәрте – жазда болып өтеди.
Абитуриентлерден ҳүжжет қабыллаў процеси
2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыў усы жылдың 20-июнь күнинен басланды.
2023-2024-оқыў жылы ушын мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм қабыллаў параметрлериниң тиллер кесиминдеги бөлистирилиўи Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтына жайластырылды.
Абитуриентлер усы сайттың «Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў» бөлими арқалы онлайн түрде дизимнен өтеди.
Онда абитуриентлер пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасыўы мүмкин.
Дизимнен өтиў 20-июльға шекем (20-июль күни де) даўам етеди.
Шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына онлайн дизимнен өтиў болса 10-июльға шекем (10-июль күни де) әмелге асырылады.
Белгиленген мүддет даўамында абитуриентлер өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәм шет тилинен сертификатқа ийе болса, сертификат мағлыўматларын системаға киргизиўи мүмкин болады.
Соның менен бирге, абитуриентлер онлайн тәризде Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы да жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў имканиятына ийе.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты