Қанлыкөл районы ҳәкимлигинде республикалық жумысшы топар ағзаларының қатнасыўында «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў, бағдарламаға кириўди қәлеўши исбилерменлик субъектлерин тартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары А.Қайраддинов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, исбилерменлер, өндирис кәрханаларының басшылары қатнасты. Ушырасыў даўамында «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасының әҳмийети кең түрде түсиндирилип, исбилерменлер менен «бирге ислесиў шәртнамасы» дүзилип, жаңа жумыс орынларын жаратыў есабынан мәмлекет тәрепинен бир қатар жеңилликлер берилетуғынлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, 2023-жыл 7-июльдеги Ҳүкимет қарары менен «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасы шеңберинде исбилерменлик субъектлерине салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин және преференцияларын қолланыў тәртиби ҳаққында»ғы Реже қабыл етилди. Оған бола, «Социаллық қорғаў реестри»не киргизилген пуқаралар кеминде бир жыл даўамында жумыс пенен тәмийинленген ҳәм олар исбилерменлик субъектиндеги жәми жумысшылар санының кеминде 20 процентин қурайтуғын болса, исбилермен мүлк ҳәм жер салығы бойынша жеңилликлерге ийе болады. Районда бүгинги күнде жәми 36 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен бағдарлама тийкарында усындай жеңилликлерден нәтийжели пайдаланған ҳалда, «Социаллық қорғаў реестри»не киргизилген 686 жумыссыз пуқараның жумыс пенен тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

      Қарақалпақстан хабар агентлиги