2023-жыл 9-июль күни мәмлекетимиз турмысында әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтти. Азанғы саат 8:00 ден баслап мәмлекетимизде шөлкемлестирилген 10 мың 784 сайлаў участкасында даўыс бериў процесслери қызғын руўхта, жәмлескенлик пенен шөлкемлестирилди. Сайлаўда сайлаў ҳуқықына ийе болған ўатанласларымыз белсене қатнасып, өз келешеги ушын, өзлери мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 39 сырт елдеги ўәкилханалары жанында дүзилген 56 сайлаў участкасында да даўыс бериў процесслери жедел шөлкемлестирилди.

Президент сайлаўы бойынша мәмлекетимиздеги барлық сайлаў участкаларында саат 20:00 де даўыс бериў жуўмақланды. Тек ғана Өзбекстанның Европадағы айырым мәмлекетлер ҳәм Америка Қурама Штатларындағы ўәкилханалары жанында шөлкемлестирилген сайлаў участкаларында даўыс бериў процесслери даўам етпекте. Соңғы участка 10-июль Ташкент ўақыты менен 05:00 де АҚШта жабылды.

Быйылғы сайлаўда қамақта сақлаў орынларында услап турылған сондай-ақ, қамаққа алынған, онша аўыр болмаған ямаса социаллық қәўипи үлкен болмаған жынаятлар, сондай-ақ, биринши мәрте жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясына бола, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегенлиги ушын жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар да қатнасты. Атап айтқанда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаўда даўыс бериў ҳуқықына ийе болған 34 мың 338 шахсқа даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланыў имканияты жаратылды.

Бул сиясий илажды 15 халықаралық шөлкем, 47 сырт елден келген жәми 800 ге шамалас халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап барды. Президентликке талабан көрсеткен сиясий партиялар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан болса 53 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшы сайлаўды тиккелей бақлады. Сайлаўды жәми 1 мың 400 жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери жарытып барды.

Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында Орайлық сайлаў комиссиясы сондай-ақ, министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң қатнасыўында брифинглер шөлкемлестирилди. Оларда сайлаў процесслери, даўыс бериў жағдайы бойынша мағлыўматлар берилип барылды.

Соның ишинде, Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қўчқоровтың қатнасыўында болып өткен брифингте атап өтилгениндей, 9-июль 17:00 жағдайына жәми сайлаўшылардың 13 миллион 459 мың 677 си ямаса 69,85 проценти даўыс бериўде қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының жуўмақлаўшы нәтийжелери 2023-жыл 10-июль күни жәрияланады.

Муҳтарама Комилова, ӨзА