Нөкис қаласындағы Президент сайлаўын өткеретуғын 83 сайлаў участкасында даўыс бериў процеси пуқаралардың белсендилиги ҳәм көтериңки кейпияты менен басланды. Барлық участкалар азанғы саат 8:00 де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери астында ашылып, қызғын жумыс алып бармақта.

Пайтахтымыздағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жайласқан 13-сайлаў участкасында да усы сиясий процесске пуқта таярлық көрилди. «Ҳаўа жоллары» мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси, комиссия хаткери Зульфия Нуратдинованың мағлыўмат бериўинше, 2 мың 163 сайлаўшы дизимге алынған болып, соннан 56 пуқара сайлаўда мүддетинен алдын даўыс берген.



– Имканияты шекленген ямаса наўқасланып жатырған даўыс бериўшилердиң де сайлаў процесинде қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде олардың жасаў орынларына, яғный 298 үйге барып, даўыслары жыйнап келинди, -дейди З.Нуратдинова.


Cайлаў участкасына халықаралық бақлаўшы сыпатында келген америкалы Ендрий Шенсонның пикирлери менен қызықтық:

–  Президент сайлаўына таярлық, пуқаралардың белсендилиги, сайлаў участкаларындағы жоқары кейпият бул процесстиң байрамдай өтетуғынлығынан дәрек берип тур, -дейди Ендрий Шенсон. – Барлық участкалар саяманлы, салқын орынларда, сайлаўшылар ушын қолайлы шараятларда жаратылған. Халық сайлаўда исеним менен өзи қәлеген талабанға даўыс бермекте.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги