«Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен мәмлекетлик байрақтан пайдаланылыўы мүмкин болған жағдайлар кеңейтилди, соның ишинде:
байрақ ҳәм оның көриниси сүўретленген белгилерден жәмийетлик орынларда, имаратларда, жасаў ямаса жумыс орынларында, транспорт салонында;
байрақтан спорт жарыслары, ғалабалық, салтанатлы ҳәм мәдений илажларда, шаңарақлық байрамларда, еслеў сәнелерин белгилеўде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, әскерий хызметкерлердиң жерлеў мәресимлеринде;
халықаралық спорт жарыслары сондай-ақ, Өзбекстан чемпионатлары ушын спорт кийимлерин таярлаў ушын байрақтың көриниси сәўлеленген белгилерден пайдаланыў мүмкин.
Сондай-ақ, Нызам менен байраққа ҳүрметсизлик жағдайлары анық белгиленди, атап айтқанда:
байрақтан ҳәм оның көриниси сәўлеленген белгилерден жыртылған, патасланған, тесилген, реңи ағарған ҳалда ҳәм басқа да қолайсыз түрде пайдаланыў;
қандайда бир зат ушын үстин жабыў сыпатында пайдаланыў;
столларға, отырғышларға жайыў ямаса сүўретлеў, оннан қаплама сыпатында пайдаланыў, отырылатуғын басқа да орынларға ямаса аяқ астына төсеў ямаса сүўретлеў;
кийим-кеншек, бет орамал ямаса көрпе-төсек сыпатында, буйымларды сақлаў ҳәм тасыў ушын пайдаланыў;
байрақтың көриниси түсирилген белгилерди аяқ кийим, бет орамал, көрпе-төсек, ишки кийим-кеншекке, сүлгилерге, қутыларға, бир мәрте пайдаланыў ҳәм таслап жибериў ушын мөлшерленген буйымларға басып шығарыў ҳәм оның көринисин басқаша түрде түсириў;
байрақ ҳәм оның көриниси сәўлеленген белгилерден әдеп-икрам қағыйдалары ҳәм жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларына қарсы түрде пайдаланыў мүмкин емес.
Мәмлекетлик байрақтан ҳәм оның көриниси сәўлеленген белгилерден белгиленген талапларға муўапық пайдаланыў ушын жуўапкершилик байрақтан пайдаланатуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, мәмлекетлик уйымларға жүкленеди.
Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги