Сайлаў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өзиниң қәлеў ҳәм еркин билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.
Беруний районы турғынлары да елимиздиң ертеңги келешегин белгилеўши бүгинги жәмийетлик-сиясий процесске белсене қатнаспақта.
-Район бойынша 58 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда сайлаўшылардың емин-еркин даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған,-дейди район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Айнура Уразова.-Соннан 39 мың 866 жас сайлаўшы сыпатында даўыс бериўге қатнаспақта.
Ҳақыйқатында да жаслар мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги болып табылады. Сонлықтан берунийли жаслар да елимиздиң келешегин белгилеўши бул сиясий ўақыяға белсене қатнасып, өзлери қәлеген талабанға даўыс бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги