Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының баслығы – 4-сектор баслығы Х.Бекчановтың қатнасыўында Кегейли районындағы Бахытлы МПЖ да гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.
Илаж даўамында МПЖ турғынларының мүрәжатлары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.
Мүрәжатлар тийкарынан бәнтликти тәмийинлеў, ишки жолларды оңлаў ҳәм комерциялық банклерден жеңиллетилген кредит алыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм салық жеңилликлери бойынша мәселелерден ибарат болды.
Пуқаралардың билдирген мүрәжатларының көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты ҳәм қалған мүрәжатлар бойынша тийисли мәкемелерге тапсырмалар берилди.
Исбилерменлигин басламақшы болған пуқараларға «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында әмелий жәрдем берилетуғын болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги