Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша
18 cайлаў участкасы шөлкемлестирилген болып, районда 15 мың 128 пуқара конституциялық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда усы процесcте даўыс бериўи күтилмекте. Олардың 146 сы биринши мәрте даўыс бермекте. Ал, 272 пуқара болса, мүддетинен алдын даўыс берди.

Аймақтағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген 376-cайлаў участкасында 825 сайлаўшы дизимге алынған болып, саат 10:00 ге шекем даўыс бериўшилердиң 305 и яғный 36,9 проценти даўыс берди.

-Сайлаў процесинде қатнасыў арқалы пуқараларымыз елимиздиң келешеги ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдеги ийгиликли илажларға өзлериниң үлесин қоспақта, -дейди 376-участкалық cайлаў комиссиясының баслығы Саламат Наменов. Бүгин cайлаў участкамызда пуқараларымыздың даўыс бериўде қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Даўыс бериў процесслерин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ҳәм аккредитациядан өткерилген сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт елли және жергиликли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери бақлап бармақта.








Ҳәзирги ўақытта райондағы сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги