Нөкис гарнизонындағы 1-санлы жабық әскерий қалаша аймағында жайласқан 62-сайлаў участкасында да Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы көтериңкилик пенен басланды.
Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети хабар берди.
Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы сондай-ақ, әскерий хызметкерлер шаңарақ ағзалары менен бирге ерте таңнан даўыс бериў ушын жыйналды. Саат 8.00 де гарнизон әскерий оркестри тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, сайлаў участкасы өз жумысын баслады.
Бул сайлаў участкасында сайлаў ҳуқықына ийе болған 1435 пуқара дизимнен өтип, олардан 301и мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланды.
Сайлаў участкасы сайлаў нызамшылығы тийкарында барлық материаллық-техникалық үскенелер сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация қураллары менен тәмийинленгенин атап өтиў орынлы.
Даўыс бериў процесслери даўам етпекте.
ӨзА