Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте «Коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң маманлығын арттырыў» атамасындағы дөгерек сәўбетлесиўин өткерди.
Онда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы К.Каримходжаев, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм ҳүкиметлик карарлардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупция иллетиниң ҳәр қандай түрдеги көриниси әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесине кери тәсирин тийгизеди.
Коррупцияның алдын алыўда ҳәм оған қарсы гүресиўде бир яки еки мәмлекетлик уйымлардың ис-ҳәрекетлери менен унамлы нәтийжеге ерисе алмаймыз. Сонлықтан, бул бағдарда ҳуқық қорғаў уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте барлық пуқараларымыз ҳәм жәмийетлик қадағалаў институтларының имканиятларынан да кеңнен пайдаланыўымыз зәрүр.
Соның менен биргеликте, жәмийетлик қадағалаўды алып барыўда айрықша орын тутатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин және де күшейтиў, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың барысын комплексли үйрениў, пайда болып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тийкарланған усынысларды таярлап, оларды тийисли уйымларға усынып барыў келешектеги нызам жойбарларын таярлаўда, ҳүкиметлик қарар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Буннан тысқары, пуқаралардың ҳуқықый билимлери менен ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў, кең жәмийетшиликте коррупцияға қарсы мүнәсибетти күшейтиў, коррупцияға байланыслы нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша хабар берген пуқараларды қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў де бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады.
Буннан кейин мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери де шығып сөйлеп, жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын унамсыз иллет болған коррупцияға қарсы гүресиў бойынша кең жәмийетшилик ўәкиллериниң ролин күшейтиў, бул бағдардағы үгит-нәсият илажларынын нәтийжелилигин еле де арттырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги