Нөкисте Өзбекстан Қаҳарманы, археолог илимпаз, тарийх илимлериниң кандидаты, марҳум профессор Ғайратдин Хожаниязов туўылғанының 75 жыллығы мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде шөлкемлестирилген ушырасыўда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимий хызметкерлери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийхшы профессорлары, илимпаздың шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары, шәкиртлери, кәсиплеслери қатнасты.

Археолог Ғ.Хожаниязов 1980-жыллардан баслап Арқа қарақалпақ, Қубла қарақалпақ, Қызыл қала, Жампық қала, Миздақхан археологиялық экспедицияларын шөлкемлестирди ҳәм оларға басшылық етти. ЮНЕСКОның 1989-1991-жыллардағы «Уллы Жипек жолы – қарым-қатнас жолы» халықаралық экспедициясында Хийўа, Хожели, Шымбай қалаларының жасын анықлаў бойынша илимий-изертлеў жумысларына белсене қатнасты.

Ол 1995-жылдан «Қарақалпақстан-Австралия» халықаралық археологиялық экспедициясының тийкарғы атқарыўшыларының бири болды. АҚШ тың Предью, Бостон ҳәм Калифорния университетлериниң археологлары менен Қыят оазиси естеликлеринде изертлеў жумысларын алып барды. 2000-жылдан баслап франциялы илимпазлар менен биргеликте Қырантаў төбешигинде изертлеў алып барып, оның бизиң эрамызға шекемги 8V-888 әсирлерге тийисли екенлиги анықланған.

Илимпаздың басшылығында әййемги ҳәм орта әсир Аралбойы аймақларындағы Ақшүңгил, Ақшахан қалаларының узын дийўалы, Дәли қала, Миздакхандағы Сулайман Хаддадий Мусавий комплекси – Ақ ханако, Қырантаў зардуштийлик некрополы, Кетменши баба, Порлытаў минарасы сыяқлы бир қанша жаңа археологиялық объектлер ашылды ҳәм изертлеў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, тиккелей оның қатнасыўында қарақалпақ халқының әдиўли перзентлери Жийен жыраў, Әжинияз, Өтеш, Мурат шайх, Ережеп бий, Аға баба Қулшы улы ҳәм басқа да тарийхый тулғалардың жерленген орынлары анықланып, атлары мәңгилестирилди.

2015-2019-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы сыпатында жумыс алып барды.

Оның мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2003-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған болса, 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы берилди.

-Қарақалпақстанда археология илиминиң раўажланыўында, Өзбекстан археологиясын дүнья жәмийетшилигине танытыўда салмақлы үлес қосқан Қарақалпақстанның материаллық мәденияты, бийбаҳа археологиялық объектлерин 45 жылдан аслам ўақыт даўамында турақлы үйренип ҳәм изертлеп мийнет еткен миллий мәдениятымыздың пидайысы – Өзбекстан қаҳарманы Ғ.Хожаниязовтың өмир жолы, илимий изертлеўдеги мәртлик ҳәм мәнаўий хызметлери келешек әўладларға үлги, мақтаныш болады,-дейди И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи археология бөлиминиң баслығы О.Доспанов.

Ушырасыўда «Ғ.Хожаниязов – үлкемиз тарийхый мийрасын изертлеўши ҳәм жәриялаўшы», «Ғайратдин Хожаниязовтың сырт елли илимпазлар менен бирге ислесиўиниң нәтийжелери», «Қарақалпақстан археологиясын дүньяға танытқан илимпаз қаҳарман» темаларында баянатлар тыңланды.




Ушырасыў соңында  Ғ.Хожаниязовтың мийнетлерине бағышланған видеофильм жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги