Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Глобал өсиў институты (Global Green Growth Institute) арасында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша меморандумға қол қойылды.

Илажда Глобал өсиў институтының мәмлекетимиздеги ўәкили Аарон Рассел, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Х.Қайпназаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы М.Нурманов, Институттың жетекши қәнигеси А.Тилеўмуратов, басқарманың районлық бөлимлериниң баслықлары қатнасты.

Ушырасыўда республикамыздың алыс аўылларында киши бизнес ҳәм фермерликти раўажландырыў, экологиялық жақтан таза өнимлерди жетистириў бағдарында бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.


Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Глобал өсиў институтлары өз-ара бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойып, алдағы режелер белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги