Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Робахон Махмудованың сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар менен жәмийетшиликти және де жақынырақ таныстырыў мақсетиндеги үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Бүгин Хожели районының пуқаралар көп топланатуғын орынларында Президентликке талабан Робахон Махмудованың сайлаўалды бағдарламасы ҳаққында сайлаўшыларға бир қатар мағлыўматлар берилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Илаж даўамында кең жәмийетшилик ўәкиллерине, пуқараларға усы жыл 9-июль күни өткерилиўи режелестирилген әҳмийетли сиясий процесс – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳәм талабанның сайлаўалды бағдарламасының мазмун-мәнисин өзинде жәмлеген буклетлер  тарқатылды.


Илажларда пуқаралар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы алдынан орынлардағы үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги