Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Дослық» видеороликлер таңлаўын жәриялайды.

30-июль – «Халықлар дослығы күни» шеңберинде «Дослық фестивалы»на бағышланған бул таңлаў Өзбекстанда жасап атырған түрли миллет ҳәм халықлар арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик, тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, миллий мәденият орайлары, дослық жәмийетлериниң жумысы, сырт мәмлекетлер менен мәдений, гуманитарлық ҳәм дослық байланысларын раўажландырыў, халық, әсиресе, жасларда түрли миллетлер тили, мәденияты, дәстүри ҳәм үрп-әдетлерине ҳүрмет сезимин арттырыў сыяқлы ийгиликли идеяларды сәўлелендиреди.

Таңлаў төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

  1. «Дослықты жырлайтуғын ең жақсы ролик».
  2. «Миллетлераралық татыўлық сәўлелендирилген ең жақсы көрсетиў, репортаж, фильм».

Ҳәр бир номинация бойынша таңлаў жеңимпазлары айрықша тәртипте төмендеги муғдарда ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди:

1-орын- 25 000 000 сум;

2-орын – 20 000 000 сум;

3-орын – 15 000 000 сум.

Сондай-ақ, 5 хошаметлеўши орын – 10 000 000 сумнан.

«Дослық» видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары «Халықлар дослығы күни» мүнәсибети менен 2023-жыл 29-июль күни өткерилетуғын «Дослық фестивалы» байрам илажында сыйлықланады.

Видеороликлер 2023-жылдың 20-июль күнине шекем Комитеттиң Баспасөз хызметине жиберилиўи керек.

Телеграмм канал: +998 98 304-61-08.

Толық мағлыўматларды Комитеттиң веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринен алыўыңыз мүмкин.

www.interkomitet.uz

t.me/millatlararoqo’mita