Салық кодексине киргизилген өзгериске бола, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм бул аймақта жумысты әмелге асырып атырған исбилерменлер (бурынғысынан басқаша тәриздегилер бар) 2028-жыл 1-январьға шекем:
➖ пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын белгиленген салық ставкаларына салыстырғанда 50 процентке азайтылған салық ставкалары бойынша төлейди;
➖ социаллық салықты 1 процент муғдарындағы салық ставкасы бойынша, ЖТИлер болса жылына БЕМниң бир есеси (330 мың сум) муғдарында төлейди.
❗️ егер салық төлеўши бул жеңилликлер менен бир қатарда бир ўақыттың өзинде басқа да тийкарлар бойынша салық жеңилликлерине байланыслы ҳуқыққа ийе болса, бундай салық төлеўши өз ықтыярына бола ең қолайлы салық жеңиллигин таңлаўға ҳақылы болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги