Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили  Байрамбай Отемуратов Хожели районындағы 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде сайлаўшылар менен ушырасты.

Онда аймақ белсендилери, районлық Кеңестиң депутатлары, нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Исенимли ўәкил сайлаўшыларды талабанның өмири, мийнет жолы, бес әҳмийетли бағдарды қамтып алған сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырды. Атап айтқанда, 2023-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириўге болған талап толық қапланатуғыны ҳәм қамтып алыў 100 процентке жеткерилиўи, 2030–жылға шекем барлық қала ҳәм районларда  “Талант – умтылыў – келешек” деп аталатуғын мектеп-интернатлардың шөлкемлестирилиўи ҳәм улыўма, тәлим-тәрбия тараўында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған мақсет және ўазыйпаларға тоқтап өтти.



Ушырасыў соңында исенимли ўәкил бәршени Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёевқа даўыс бериўге шақырды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги