Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Төрткүл районында да футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығы кубоги» ушын жарыс өткерилди.
Киши-футбол бойынша өткерилген жарыста ерлер арасында 1-орынды Нурата, 2-орынды Шорахан, 3-орынды Жамбасқала елатының жаслары ийелеген болса, қызлар арасында 1-орынды Наўайы мәкан пуқаралар жыйыны, 2-3-орынларды Келтеминар ҳәм Шорахан аўыл пуқаралар жыйынларының командалары жеңип алыўға еристи.
Ал, үлкен футболда болса, Уллыбағ аўыл пуқаралар жыйыны командасы 1-орынды, Мустақиллик ҳәм Жамбасқала елатының командалары 2-3-орынларды ийелеўге миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен дәрежели диплом ҳәм сыйлы естелик саўғалар менен сыйлықланды. 1-орынды ийелеген командалар келеси республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Сыйлықлаў мәресимине район ҳәкими Р.Шамуратов қатнасты ҳәм жеңимпазларды ерискен табысы менен қутлықлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы