Усы жылдыӊ 20-май күни Россия Федерациясыныӊ Санкт-Петербург қаласында болып өткен XVII “Диалог культур” халықаралық жас журналистлер медиа-форумы шеӊберинде Эрмитаж музейлер комлпексинде “Я здесь живу” атамасында фотокөргизбе болып өтти.

Фотокөргизбеге Греция, Сербия, Армения, Беларусь, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден 50 аслам автордыӊ 400ге шамалас дөретиўшилик жумыслары экспозицияға қойылды.

Солардың қатарында Өзбекстан Республикасынан ташкентли жас фотограф Марат Наджибаев ҳәм бухаралы Бегзод Балтаевлар да қатнасты.

-Фотокөргизбеге қатнасыў ушын мен өзимниӊ көплеген жумысларымды  усыныс еттим, бирақ шөлкемлестириўшилер тек ғана тәбият, аўыл турмысы ҳәм үрп-әдет элементлерин сәўлелендириўши фотосуўретлер таӊлап алынатуғынын мәлим етти,-дейди Марат Наджибаев.-Сонда мен Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районындағы қарақалпақ миллий қара үйлер устаханасында түсирилген фотосүўретлеримди усынып, олар менен қатнасыўға миясар болдым.

Буннан тысқары, усы илаж даўамында Россия ҳәм Европа мәмлекетлериниӊ ҳүжжетли фильмлер ҳәм сюжетлер фестивалында “Каракалпакия: по следам истории” жойбарына тийисли “Каракалпакстан: Последняя мастерская” деп аталған Шымбай районындағы қарақалпақ миллий қара үйин соғыўшы үйши усталар ҳаққында қысқа метражлы фильм менен қатнастым ҳәм буннан оғада қуўанышлыман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы