Район ҳәкимлиги рәсмий веб-сайтының хабар бериўинше, быйылғы жылы райондағы 414 фермер хожалықларында 1200 гектарға ашшы бурыш егиледи.

Усы жылдың 18-апрель күни райондағы «Бостан-18» фермер хожалығында ашшы бурыш егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.

Илажда райондағы барлық фермер хожалықлары басшыларына ашшы бурыш егиў процеси үлги сыпатында көрсетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги