Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының гезексиз Қурылтайын Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳаққындағы мәселе ҳәр тәреплеме додаланды.

Онда партия ағзалары тәрепинен аймақлардан сайланған делегатлар, партия Орайлық Кеңесиниң ағзалары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы партия фракциясының ағзалары, партия белсендилери, экспертлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Бул мәселе бойынша шығып сөйлегенлер талабанды қоллап-қуўатлап, барлық делегатларды талабанға даўыс бериўге шақырды. Делегатлардың бәршеси даўыс бериўде қатнасты ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентлигине Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Маҳмудова Робахон Анваровнаның кандидатурасы мақулланды.

Буннан кейин талабан Р.Маҳмудова өз сайлаўалды бағдарламасының мақсет ҳәм ўазыйпалары, тийкарғы бағдарларды қурылтай қатнасыўшыларына мәлим етти.

Қурылтайда талабанның сайлаўалды бағдарламасы, оннан орын алған барлық мәселелер делегатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.

Додалаўлар процесинде Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасын халқымыздың сана сезимине жеткериў партия белсендилери алдында турған әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.

Қурылтай жуўмағында күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы