Хабарыңыз бар, Президентимиз тәрепинен усы жыл 20-январьда өткерилген видеоселектор мәжилисинде мектеп оқыўшыларына еки шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерди үйретиў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Бул бойынша тәжирийбе-сынаў тәризинде, Нөкис қаласындағы 1-, 2- ҳәм 3-санлы, Хожели районындағы 6-, 10- ҳәм 14-санлы, Беруний районындағы 59-, 65- ҳәм 69-санлы, жәми 9 мектеп белгилеп алынды. Оларда инглиз, немис, француз, япон, корейс, қытай, жәми алты түрдеги шет тилин оқытыў және 64 түрдеги кәсип бойынша оқыўшыларды кәсип-өнерге үйретиў режелестирилди.





– Таңлап алынған мектеплерде 7-класстан баслап, шет тиллерин оқытыў ушын оқыў класслары таярланып, педагоглардың резерви жаратылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Тахир Дәўлетмуратов.

Сондай-ақ, таңлап алынған мектеплерде 10-класстан баслап кәсипке үйретиў имканиятларынан келип шыға отырып, үш бағдарда, яғный, кәсип түри, исбилерменлик, мәлимлеме технологиялары ҳәм «креатив индустрия» бағдарларында заманагөй кәсипке үйретиў ушын мектеплерде компьютер ханалары таярланып жуўакерлер бекитилди.

Бул бағдардағы жумысларды жақсылаў мақсетинде 2023-2024-оқыў жылы даўамында еки шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерди үйретиў бойынша мектеплерди 17 ге жеткериў режелестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги