«Қыз өссе елдиң көрки», «Үш қызды тәрбиялап, оны қутлы жерине қондырған ата-ана бейиштен орын алады»-дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай қарақалпақ халқы шаӊарақта қыздың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратады. Оларды әлпешлеп камалға келтирип, қызларымыздың орнын бǝрҳама тɵрден қойып, сыйлайды.

Шымбай районындағы Гʏлистан мǝкан пуқаралар жыйында жасаўшы Жолдасбай Қалмуратов ҳǝм Муҳаббат Бектурғановалардың шаӊарағында жақында әжайып ўақыя жүз берди. Атап айтатуғын болсақ, усы жылдың 20-апрель күни олардың шаңарағында ʏш қыз перзентлер дүньяға келди. Бул қызларға Жолдасбайдың ата-аналары жақсы нийетлер менен Зульфия, Альфия ҳәм Гүльфия деп ат қойды.

-Мен Шымбай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде технология пәнинен муғаллим болып ислеймен,-дейди 6 қыздың анасы Муҳаббат Бектурғанова.-Күйеўим Жолдасбай, ата-енем ҳәм үлкен қызларым менен бирге бөпелерди тәрбиялап атырмыз. Бизге усындай үш перзентти инам еткен Алла-таалаға оғада миннетдарман ҳәм оларды елимизге пайдасы тийетуғын инсанлар етип тәрбиялаўға ҳәрекет етемен.

Жақында Шымбай районы ҳǝкими орынбасары, Шаӊарақ ҳǝм ҳаял-қызлар бɵлими баслығы Г.Мамбетниязова бул шаӊарақтан хабар алып, ʏш нǝрестеге ɵзиниӊ саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы