Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Заманагөй шараятта жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың әҳмийетли машқалалары» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияда Ташкент қаласындағы Беларусь-Өзбекстан қоспа тармақлараралық әмелий техникалық квалификациялар институты, Полесс мәмлекетлик университети, Л.Н.Гумилев атындағы Евразия миллий университети, Волга мәмлекетлик денетәрбиясы, спорт ҳәм туризм университети ҳәм басқа да сырт ел және жергиликли жоқары оқыў орынларының профессорлары, жас илимпазлар қатнасып, жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў тараўының әҳмийетли машқалалары, тәлим-тәрбия тараўындағы соңғы жетискенликлер бойынша өз-ара пикир алысты.

Конференцияда «Қазақстан ҳәм Өзбекстанның денетәрбия билимлендириўи тараўында бирге ислесиўи», «Ақылый жақтан әззи 13-15 жастағы өспиримлердиң физикалық ҳәм когнитивлик қәбилетлерине флорбол менен шуғылланыўдың тәсири»,  «Социаллық трансформация процесинде заманагөй билимлендириўге болған мүнәсибеттиң социологиялық анализи» ҳәм басқа да темаларда баянатлар жасалды.

Онлайн ҳәм офлайн форматта өткерилген конференция 5 бағдар тийкарында алып барылды.






Конференция жуўмағында талқыланған мәселелер бойынша улыўма жуўмаққа келинди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги