Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткен жылы 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен болып өткен ушырасыўда «Бозатаў жаслар ҳаўазы» таңлаўының жеңимпазларын тәжирийбе алмасыў ушын сырт еллерге жибериў ўазыйпасы қойылған еди.

Бул тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Италиядағы Пезаро қаласында «Өзбекстан мәденият күнлери ҳәм оның дослары» темасында Өзбекстан мәдений мийрасы жойбарының презентациясы өткерилди.

Илаж шеңберинде «Бозатаў жаслар ҳаўазы» таңлаўының 2022-жылғы жеңимпазлары ҳәм жойбар шөлкемлестириўшилеринен қуралған Өзбекстан делегациясы тәжирийбе алмасыў ушын Италияға барды.

Таңлаў жеңимпазлары Италияда өз шығыўлары менен қатнасты. Оннан гөзленген тийкарғы мақсет өзбек көркем өнерин, мәдениятын талантлы ҳәм дөретиўши жаслардың қәбилетлери арқалы дүньяға танытыў болды.

Жасларымыз Песаро қаласында өткерилген Өзбекстан ҳәптелигинде өз концерт бағдарламалары менен қатнасты. Соң 3 күн даўамында Италияның маман профессорларынан шеберлик сабақларын алды.

– Елбасшымыздың басламасы менен Италияға келиўге миясар болдым. Бул жерде опера бағдары бойынша сырт елли заманласларым ҳәм Италияның жетик операшыларынан көп затларды үйрендим. Атап айтқанда, Фабио Андреоттидан сабақ алдым. Келешекте үйренгенлеримди қолланған ҳалда өзимниң үстимде және де көбирек ислеўди даўам еттиремен. Мақсетим жақын келешекте опера ели болған Италияда оқыўымды даўам еттириў,-деди «Жаслар ҳаўазы» таңлаўының опера бағдары бойынша Республикалық басқыштың жеңимпазы ҳәм басқа да бир қатар таңлаўлардың жеңимпазы Лазизбек Шоназаров.

«Бозатаў жаслар ҳаўазы» таңлаўының жеңимпазлары Өзбекстан ҳәптелигинде қатнасқаны ҳәм шеберлик сабақларын алғаны бойынша сертификатлар менен сыйлықланды. Сапардың соңғы күнлерин Рим қаласында өткерди. Колизей алдында миллий қосықларды айтып халықты өзбек көркем өнери менен таныстырды.

Келешекте жасларымыз ушын және де жаңа шараятлар жаратыў мақсетинде Италияның Римдеги Санта Сесилия консерваториясы менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде меморандум дүзиў мәселеси көрип шығылмақта.

Назокат РАЖАБОВА,
ӨзА