Жеке пикир

Ўақыт тоқтап, бизди күтип турмайды, бизге ажыратылған сол ўақыт шеңберинде өзимизди басқара билгенимизде еди, ҳəмме нәрсени өз ўақты, орны менен үйрениўге тырысар едик.

Соңғы  ўақытлары жасларымыздың китапқа болған қызығыўшылығы төменлеп баратырғанлығы бизди тәшўишлендиреди. Себеби, китап билим булағы дегениндей, ол арқалы билим алып қоймастан, шет тиллерин де үйренсе болады.  Мəселен, сиз сырт елге шықпақшы болдыңыз, бирақ сол елдин тилин, әдебиятын, мәдениятын, келип шыгыў тарийхын билмесеңиз, қыйналатуғыныңыз турған гәп. Биз билемиз әдебият, тарийх, мəденият булардын барлығы бир-бири менен байланысқан ҳалда инсанның ақыл-парасатына тəсир етип  барады. Ал лириканың  болса, адамларға эмоциялық тəсири күшли екенлиги əдебиятшылар тəрепинен мойынланған.

Буған мысал ретинде өзинин қосықлары ҳәм дәстанлары менен инсан кеўлинен терең орын алған, өз қосықларына қайғыны да қуўанышты да сиңдире билген рус әдебиятының тийкарын салыўшыларынан  бири А.С.Пушкин болды. Ол 19-əсирдиң уллы шайыры, драматург ҳəм қысқа гүрриңлердиң шебери болған. Пушкинниң поэмалары Россиядан басқа мəмлекетлерде айтарлықтай көп адам тəрепинен оқылмаған. Буның себеби, оның мийнетлерин басқа тилге аўдарыў жүдә қыйын болған, яғный сөзлер рус мəдениятына тийисли мəниге бай еди. Деген менен, оның дүньяға белгили болған «Няне» қосығын қарақалпақ тилине  аўдарған қарақалпақ əдебияты ўәкиллеринен бири Жийенбай Избасқанов болып табылады.

Қарақалпақ əдебиятында рус классиклериниң шығармаларын аўдырыў бойынша халық шайыры Ибрайым Юсупов дөретиўшилигинде басқаларға уқсамаған дилмашлық қәбилети бар. Усы жерде оның қарақалпақ тилине аўдарған Пушкинниң «Чаадаевқа» («К Чаадаеву») қосығыннан үзинди келтирип өтемиз:

Бойда бирақ жигер оты сөнбеген,

Тәғдир етседе көп зулымлықларын,

Шəўкилдеген жас көкирек жан менен,

Тыңлаймыз биз Ўатан шақырықларын.

Бунда шайыр қосық мазмунының аўдармасын бир қəлипте услай алған. Бул да оның үлкен жетискенлиги.

Аўдарма исленген ҳәр бир көркем дөретпе оқыған инсанға түсиникли болыўы тийис, деп ойлайман. Дүнья әдебияты дүрданаларының шығармаларын қунт пенен үйрениўимизде оларды ана тилимизге аўдарыўда мине усындай  қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң мийнети уллы.

Бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири басқа шет тиллериндеги әдебий-көркем шығармаларды қарақалпақ тилине аўдарыў ислери оғада төмен дәрежеде. Қәнекей, дүнья әдебий дүрданаларын өз тилимизге аўдарып, оқыўшыларға усынсақ, китап оқыўшылары санының артыўына үлес қосқан болар едик. Сизлердиң пикириңиз қандай?


Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Малимлеме хызмети ҳәм

Жәмийетшилик  пенен байланыслар тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги