Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги 500-санлы қарары тийкарында, быйылғы жылы Тахтакөпир районы аймағындағы 14 км жолға қум-щебен араласпасын төсеў белгиленген болып, жойбарды әмелге асырыў ушын 3 млрд. 12 млн. сум қаржы ажыратылған.

Бүгинги күнге шекем усы мақсетте,  районға 10 973 метр куб ЩПС арнаўлы транспортлар жәрдеминде алып келинип, 10,086 км ишки жолларға қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында 4,894 км, Айдын жол  МПЖ аймағында 1,376 км, Дәўир МПЖ аймағында 3,476 км ҳәм Қараой аўыл пуқаралар жыйыны  аймағындағы 0,34 км ишки жолларды оңлаў жумыслары алып барылды.




Ҳәзирги күнлери бул бағдардағы ийгиликли жумыслар даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы