Тақыятас районы Тақыятас мәкан пуқаралар жыйыны имаратында Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды ашық көшпели суд мәжилисинде 1989-жылы туўылған, ўақтынша жумыссыз, алдын судланбаған Тақыятас районында жасаўшы Т.Р ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси көрип шығылды.

Т.Р 2023-жылы 9-март күни саат 12:40лар шамасында пуқара Д.Х ға тийисли болған “Кобальт” маркалы автомашинасын исеним хат тийкарында Нөкис қаласы Тақыятас гүзары менен Тақыятас районы тәрепке қарай басқарып баратырып, сол көше бойында жайласкан Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 25-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында жайласқан пиядалар өтиў жолында әмелдеги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрель күнги 172-санлы қарары менен тастыйықланып, 2022-жыл 1-май күни күшине кирген “Жол ҳәрекети қағыйдалары”ның 11-бәнти “г” киши бәнти, 77-бәнти, 111-бәнтлеринде көрсетилген қағыйдаларға әмел етпестен жолды оң тәрептен шеп тәрепке қарай кесип өтип баратырған жас өспирим А.К ны автомашина алды тәрепи менен дүгип алған. Нәтийжеде жас өспирим А.К дене жарақатын алып емлеўханаға жатқарылған.

Суд-медициналық экспертизасының усы жыл 27- марттағы жуўмағында А.К “оң ҳәм киши балтыр сүйеклери орта үшлигинен майдаланып, сүйек бөлекшелериниң жылысып ашық сыныўы. Оң балтыр орта үшлигиниң езилген жарасы” түриндеги дене жарақаты жеткерген болып, мийнет жарамлығының турақлы 1/3 бөлиминен көплеў жоғалыўына алып келген “аўыр” дәрежедеги дене жарақатлар қатарына киреди» деп кѳрсетип ѳтилген.

Солай етип, Т.Р өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте гүман етилиўши қатарында иске тартылған.

 

 

 

Нөкис қаласы прокуроры тәрепинен тастыйықланған, Нөкис қаласы ИИБ ЖМБ жанындағы Тергеӯ бөлиминиң аға тергеӯшиси А.Досназаровтыӊ 2023-жыл 17-апрель күнги қарарына бола, гүман етилиўши Т.Р дың қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси, тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен қысқартыў мәселесин шешиў ушын судқа жиберилген.

Суд, жас өспирим жәбирлениўши А.К ныӊ нызамлы ўәкили ҳәм  пуқаралық даўагер Д.Х гүман етилиўши Т.Р менен жарасыў ҳаққындағы арзаларын жынаят иси ҳүжжетлери менен үйренип, исте қатнасып атырған прокурордың жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў ҳаққындағы пикирин тыңлап, гүман етилиўши Т.Р дың алдын судланбағанлығын, айыбын толық мойынлап турғанлығын, жәбирлениўши ҳәм пуқаралық даўагерге келтирилген зыянлардың толық қапланғанлығын, тәреплердиң жарасыўы бойынша тәреплерге бирде-бир басым болмастан өз қәлеўлери менен болғанлығын ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, жарасыўға түсетуғынлығын инабатқа алып, Т.Р ныӊ қарсысына жүргизилген жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды лазым тапты.


Райса БЕКМУРАТОВА,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги