Төрткүл районындағы О.Худойшукуров атындағы 52-санлы мәденият орайында Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң хызметкерлери тәрепинен «Мәденият орайлары жумысының тийкарғы бағдарлары» атамасында семинар-тренинг ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилди. Онда Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларының мәденият тараўы хызметкерлери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң Мәдений жумысты раўажландырыў ҳәм материаллық емес мәдений мийрас басқармасы бас қәнигеси А.Мелибоев, Республика мәденият мәкемелери жумысын шөлкемлестириў илимий-методикалық орайы баслығы С.Саимов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги Халық дөретиўшилиги ҳәм көркем ҳәўескерликти раўажландырыў секторы баслығы Н.Жийенбаев ҳәм басқалар жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын дөгереклер ашыў, олардың мәдений тараў бойынша қызыққан бағдарларына бола билим алыўы, тек қалада емес, ал, аўылларда жасайтуғын халық ўәкиллериниң мәдений дем алыўы, концерт, театр тамашаларынан заўық алыўы ушын шараятлар жаратыў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, семинар-тренингти өткериўден тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Қатнасыўшылар сораўларына жуўап алып, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.




Илаж шеңберинде О.Худойшукуров атындағы көркем өнер музейине саяхат, мәденият орайларының көргизбе-ярмаркалары шөлкемлестирилди. Онда халық талантлыларының биргеликтеги концерт бағдарламасы болып өтти.



– Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министриниң буйрығы ҳәм «Дөретиўшилик мәкан» бас идеясы тийкарында шөлкемлестирилген семинар-тренинг даўамында мәдений орайлардың жумысын және де жетилистириў мәселелери ҳаққында сөз болды, -дейди Төрткүл районы Мәденият бөлими баслығы Б.Дурдиев. – Илажда тийкарынан мәденият орайларында дөгереклердиң, студия ҳәм топарлардың жумысын раўажландырыў, қосымша төлемли хызметлерди жолға қойыў бойынша пикир алыстық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги