Мектеп оқыўшыларының жазғы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде, Нөкис районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Бир нураный он жасқа устаз»  атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Ж.Қайыпов,  нураныйлардан Ж.Оразбаев, Ш.Есемуратов, И.Есмағанбетов ҳәм Ш.Юсуповалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған итибар, жаратылған қолайлықлар ҳаққында айтып өтти ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў кереклиги бойынша өзлериниң пайдалы кеңеслерин берди.

Соның менен бирге, кешеде нураныйлар тәрепинен китаптың инсан турмысындағы тутқан орны ҳәм әҳмийетине де тоқтап өтти. Ушырасыўда мектеп оқыўшылары да өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша бир қанша сораўлар берип, оларға тийисли жуўап алды.


Алмагүл Жарменова,

Нөкис районындағы 30-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги