Усы жыл 27-май күни Тақыятас районындағы «Айдын жол» дем алыў орайында 2023-жылдың жаз мәўсиминде балалардың жазғы дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў мәселелерине бағышланған семинар өткерилди.

Семинарға Балаларды дем алдырыў ҳәм саўалландырыў бойынша Республикалық комиссия ағзалары, кәсиплик аўқамлары белсендилери, тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң басшылары, балалар дем алыў орайларының баслықлары, тәрбияшылары, жетекшилери қатнасты.

Семинар даўамында балалардың жазғы дем алысын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм ведомстволардың ўәкиллери шығып сөйлеп, пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 7 жастан 14 жасқа шекемги 281 мың 402 оқыўшы-бала бар. Соннан, быйыл 23660 бала, яғный жәми балалар санының 9 проценти республикамыз аймағындағы балалар дем алыў орайларында саўалландырылады.

Республикамыз аймағында 2023-жылы 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында жәми 6910 баланы саўалландырыў режелестирилген. Соннан, кәсиплик аўқамларының қаржылары есабынан 6 орайда 5000 баланы ҳәм жергиликли ҳәкимликлер, хожалық уйымлары ҳәм қәўендерлер есабынан 5 оқыў мәкемелери жанында шөлкемлестирелетуғын орайларда 1910 баланы саўалландырыў режелестирилген.

Сондай-ақ, 69 бала мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайларына, 16750 бала ҳәр қыйлы көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерине қамтып алынады.

Балалар дем алыў орайларында алыс ҳәм шетки аймақларда жасаўшы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм мәҳәллелердеги бағыўшысын жоғалтқан, кем тәмийинленген шаңарақлардың 3000 перзентин қамтып алыў да режелестирилген.

Семинарда 15 шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланып атырған 7 жастан 14 жасқа шекемги 64 баланы Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында дем алдырыў ҳәм саўалландырыў бойынша анық илажлар белгиленип алынды.





Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
18-ноябрьдеги «Балалардың дем алыўын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Балалардың дем алыўы ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаменти ҳәм оның аймақлық басқармалары шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң  ҳәм Балалардың дем алыўы ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң арнаўлы қарары ҳәм илажлар режеси қабыл етилгенлиги атап өтилип, әмелге асырылған жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Атап айтқанда, Президент қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы «Ақ кеме», «Арал балалары», «Ақ кептер» (ески Лашын), «Айдын жол», «Туран» ҳәм «Жеткиншек» дем алыў орайлары Департаментке бийғәрез өткерилди,-дейди Балалардың дем алыўы ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Рахман Мадреймов.

Барлық дем алыў орайларында медицина пунктлери шөлкемлестириледи. Олар тез медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар (соннан жылан ҳәм қара қурт зәҳәрине қарсы дәрилер) ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳәм дем алыў орайларына жақын жайласқан тез медициналық жәрдем көрсетиў ушын таяр ҳалдағы емлеўханалар менен биргеликте ислесиў жумыслары жолға қойылады.

Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен дем алыў орайларында балаларды китап оқыўға қызықтырыў, олардың билимин арттырыў мақсетинде китапханалар шөлкемлестирилип, оларды ҳәр қыйлы әдебиятлар, балалар журналлары ҳәм газеталары менен тәмийинлеў мақсетинде Республикалық балалар китапханасының ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплери китапханаларының дем алыў орайлары ушын көркем, социаллық ҳәм илимий китаплары таярлап қойылады.

Орайларда қәўипсизликти тәмийинлеў, қорғаў, жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтын алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў, жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў мақсетинде, ишки ислер министрлиги, миллий гвардия ҳәм айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлериниң күни-түни хызмет алып барыўы режелестирилген.

Буннан тысқары, барлық дем алыў орайларында инглис тили дөгереклери шөлкемлестирилип, бул дөгереклерди алып барыў ушын улыўма орта билим бериў мектеплериниң жоқары тәжирийбели муғаллимлери ҳәм  жоқары оқыў орынларының питкериўши курс студентлери қамтып алынады.

Стационар түрдеги орайларға ҳәм Мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайларына усы жылдың 2-июнь күни биринши гезекке оқыўшылар қабылланады.

Семинарда қатнасыўшылар атап өтилген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги