Усы жыл 28-май күни Мойнақ районында “Rally Muynak – 2023” авторалли бойынша Өзбекстан чемпионатының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан, қоңсылас Қазақстан Республикасынан спортшылар қатнасып, үш күн даўамында жеңимпазлық ушын өзлериниң бар шеберлигин көрсетти. Әлбетте, район орайынан теңиз түбине шекемги аралықтағы машақатлы жолды басыў өтиў спортшылар ушын аңсат болмады. Сонда да бар қыйыншылықларды жеңип шыққан тәжирийбели қатнасыўшылар финишке бириншилерден болып жетип келди.

Спортшыларды сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында республикамызды, соның ишинде, Мойнақ районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, аймақта туризмди кеңнен үгит-нәсиятлаў, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти. Соның ишинде, “Rally Muynak – 2023” авторалли бойынша Өзбекстан чемпионатына болған қызығыўшылық жылдан-жылға артып бармақта.

Чемпионатда  двигатель көлеми 1600 см3ге шекем болған “А-8”  класы бойынша биринши орындыТашкент қаласынан  Фархад Даминов, Азамат Алирзаев, екинши орынды Жиззақ ўәлаятынан Санжар Набиев, Жавоҳир Тошполатов, үшинши орынды Қашқадәрья ўәлаятынан Умид Тошполатов,  Жасур  Темиров  ийелеген болса, двигатель көлеми 2000 см3ге шекем болған “А-9” класы бойынша Ташкент қаласынан Фаррух Уринов, Сергей Алимовлар биринши, Әндижан ўәлаятынан Ибраҳим ҳәм Бахтиёр Туйчиевлар екинши, Самарқанд ўәлаятынан Фикрат Ахтамов, Фируз Джумаевлар үшинши орынларды қолға киргизди. “Багги” бойынша Ташкент қаласынан Равшан Қабилов, Әндижан ўәлаятынан Абдуманнон Казаков, Бухара ўәлаятынан Мурат Истамов сыйлы орынларды ийеледи.

Сондай-ақ, двигатель көлеми 125 см3ге шекемги болған мотоцикл бойынша биринши орынды Бухара ўәлаятынан Бахтиёр Ахмедов, екинши орынды Наўайы ўәлаятынан  Богдан Цатурян, үшинши орынды Бухара ўәлаятынан  Асадбек Ражабов қолға киргизген болса, двигатель көлеми  500 см3ге шекемги мотоцикл бойынша Бухара ўәлаятынан Жасур Саматов биринши,  усы ўәлаяттан Бекзод Халимбаев екинши, Әндижан ўәлаятынан Ибраҳим Адхамов үшинши орынларды ийеледи.

-Жарыста экипажымыз биринши орынды ийеледи,-дейди “А-8”  класы бойынша жеңимпаз Фархад Даминов.- Быйылғы жарыс жоқары дәрежедежақсы шөлкемлестирилгенлигин айрықша атап өтиўимиз керек. Келеси жарысларға да, әлбетте, қатнасамыз.

“Rally Muynak – 2023” жарысының жеңимпазларына диплом, түрли дәрежедеги медальлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы 100, 50, 15, 10, 5 миллион сумнан пул, сондай-ақ, жеңимпазлар, тренер ҳәм төрешилерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.






Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы