Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында «Карьера күни» мийнет ярмаркасы ҳәм Санлы технологиялар министрлиги системасындағы кәрхана-шөлкемлердиң жуўапкерлери менен IT тараўындағы тәжирийбели қәнигелер қатнасыўында семинар-тренинг өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлигиниң усы жыл 4-майдағы «Мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында билим алып атырған студентлердиң  ҳәкимшилик реформалар процесинде санлы көнликпелерин раўажландырыў арқалы оларды жумыс пенен тәмийинлеўге зәрүрли имканиятларды жаратыў» ҳаққындағы бийлигине бола еки күн даўамында өткерилген илажға мыңға шамалас студент-жаслар қамтып алынған болса, соннан 560 питкериўши менен жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлердиң қәнигелери сәўбетлесип, 92сине жоллама берилди.

Cеминардың ашылыўында Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң «Карьера орайы» баслығы ҳәм бас қәнигеси, Санлы билимлендириўди раўажландырыў басқармасының қәнигелери ҳәм басқалар санлы билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, халықаралық IT сертификатлар ҳәм усындай сертификат ийелерине жаратылған имканиятлар, “President Tech Award” таңлаўы ҳаққында түсиник берип өтти. Сондай-ақ, IT парклердиң қәнигелери, фрилансерлер IT компанияларына жумысқа кириўдиң абзаллықлары, бул тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине жаратылған жеңилликлер, фрилансерлик жумысы, бул тараўда жумыс алып барыўдағы машқалалар ҳаққында мағлыўмат берди.








Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасында Санлы технологиялар министрлиги системасындағы 16 кәрхана ҳәм шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасындағы филиал ҳәм бөлимлери, мобиль байланыс операторларының бөлимлери, «Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 10 ға шамалас резидент компаниялары қатнасты.

– Илажда филиалымыздың 2-3 ҳәм питкериўши курс студентлери өзлери таңлаған тараўлар бойынша жетик қәнигелер менен сәўбетлесип, билимлерин артырыўға имканият жаратылды ҳәм  IT парк резидентлериниң жумысы, сондай-ақ оларға жумысқа жайласыўдағы талаплар менен жақыннан танысты, -дейди Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының директоры Б.Қайыпбергенов. – Алған билимлери жасларымызға келешекте өз кәсибиниң жетик қәнигелери болып жетилисиўине хызмет етеди, деп ойлаймыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги