Усы жылдың 23-май ҳәм 10-июнь күнлери аралығында Россия Федерациясының Қазан федераль университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында дүзилген бирге ислесиў шәртнамасы тийкарында Нөкис районы аймағындағы Кердер мәдениятына тийисли «Ҳайўанқала» естелик комплексинде халықаралық археологиялық экспедиция өткерилмекте.

Халықаралық көлемде биринши мәрте өткерилип атырған бул археологиялық экспедицияға Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Илимлер Академиясы А.Х.Халиков атындағы Археология институтының директоры, тарийх илимлериниң докторы, профессор Айрат Ситдиков басшылығындағы илимпазлар, соның менен бирге, Россия, Қазақстанның жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан 20 дан аслам қәнигелер, сондай-ақ, институттың Тарийх факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнаспақта.

– Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, академик Иброҳим Абдураҳмоновтың қарақалпақстанлы студент-жаслар менен болып өткен ушырасыўында мен сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен тәжирийбе алмасыў имканиятын беретуғын халықаралық экспедициялар шөлкемлестириў усынысын билдирген едим. Мине, бүгин мен ҳәм мениң менен бирге оқып атырған жаслар усындай имканиятқа ийе болып атырмыз. Бул бизлердиң теориялық билимлеримизди әмелиятта беккемлеў имканиятын береди, – дейди Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тарийх факультетиниң студенти Ж.Жоллыбаева.

«Ҳайўанқала» археологиялық естелигинде әмелге асырылатуғын халықаралық экспедициядан гөзленген баслы мақсет археологиялық қазыў нәтийжесинде табылған буйымлар ҳәм мәдений қатламлар бойынша халықаралық илимий пикирди қәлиплестириў, сондай-ақ, илимий жуўмақлар шығарыў бойынша белгиленген жумысларды орынлаўдан ибарат.




Буның ушын институт тәрепинен 1 миллиард 400 миллион сумға арнаўлы шатырлар ҳәм 4 миллиард сумға қазыў жумысларында пайдаланылатуғын археологиялық әсбап-үскенелер сатып алынды.

Топланған материаллар тийкарында илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, олардың нәтийжелерин кең жәмийетшиликке, соның ишинде, халықаралық көлемде жәриялаў, институттың Тарийх факультети студентлериниң теориялық билимлерин әмелият барысында беккемлеў, сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў халықаралық илимий-археологиялық экспедиясынан күтилип атырған әмелий нәтийжелер болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги