Бүгин Қарақалпақстан Республикасы балалар китапханасында «Соңғы қоңыраў» кешесине бағышланып, «Илимди қәдирлең, илимге умтылың» сүрени астында байрам кешеси болып өтти.

Оған Нөкис қаласында жайласқан мектеп оқыўшылары ҳәм пайтахтымыздағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебин буннан 20 жыл бурын питкерип шыққан питкериўшилер қатнасты.

Илаж даўамында жаңа әдебиятлар көргизбеси шөлкемлестирилип,  қатнасыўшылар  ондағы китаплар менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, оқыўшылар арасында китапқумарлық бойынша викториналық ҳәм интерактив ойынлар, концерт бағдарламалары шөлкемлестирилип, бул қатнасыўшыларда өзгеше тәсир қалдырды.





-Илажды өткериўден тийкарғы мақсет,  мектеп оқыўшыларының китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм олардың ийелеген билимлерин беккемлеўден ибарат,-дейди Қарақлпақстан Республикасы балалар китапханасының бөлим баслығы Кеўлимжай Ибрайымов.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы