Хожели районындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде де “Соңғы қоңыраў” кешеси өткерилип, питкериўшилер ана мектеби ҳәм билим берген устазлары менен хошласты.

Илажда мектеп директоры М.Турданова, питкериўшилер ҳәм олардың ата-аналары шығып сөйлеп, мәмлекетимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жаслардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти. Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде бул мектепте де кең көлемли жумыслар алып барылды. Оқыўшылардың ҳәр бир пәннен, соның ишинде, шет тиллеринен  терең  билим алыўы, бир кәсип ийелеп шығыўы ушын жетерли шараят жаратып берилди.

Усындай имканиятлардан пайдаланған еки оқыўшы шет тили бойынша халықаралық сертификат алыўға миясар болды. Питкериўшилердиң барлығы жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсиптиң маманы болып шығыўды өзлериниң алдына баслы мақсет етип алмақта.

Мектепте соңғы қоңыраў қағылды. “Илимди қәдирлең, илимге умтылың!” сүрени астында өткерилген илаж ойын-заўықлар менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги