Мектеп питкериўшилери ушын умытылмас күнлердиң бири болған «Соңғы қоңыраў» кешеси  «Илимди қәдирлең, илимге умтылың» сүрени астында Шымбай районының ең шетки аймақларының бири Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де болып өтти.

Онда мектеп директоры Ж. Алиева, Қызылөзек АПЖ ақсақалы Ш.Абдираманов, аймақтың жаслар жетекшиси А.Утегеновлар шығып сөйлеп, мектеп оқыўшыларын оқыў жылын табыслы тамамлағаны менен қутлықлады ҳәм питкериўшилердиң өзлери әрман еткен жоқары оқыў орынларына кирип кетиўине тилеклеслик билдирди.

Сондай-ақ, кешеде сабақларды үлгили баҳаларға оқып, пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында жоқары нәтийжеге ерискен оқыўшылар менен олардың ата-аналарына Ҳүрмет жарлықлары, Миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Кешеде мектеп питкериўшилери де шығып сөйлеп, өзлери билим алған оқыў дәргайы ҳәм онда тәлим-тәрбия берген устазларына терең мииннетдаршылық билдирип, келешекте жоқары оқыў орынларына кирип елимиздиң  гүллеп-раўажланыўы ушын бар күш-жигерин жумсайтуғынлығын айтып өтти.

-Мен ушын бүгин оғада қуўанышлы ҳәм қыйын күн,-дейди Гүлжайна Яқыпбаева.-Қуўанышлы тәрепи сонда, бизлер бүгин мектепти табыслы питкерип, үлкен өмирге жол алып атырмыз. Ал, қыйын тәрепи 11 жыл бойы бирге оқып билим алған досларымыз ҳәм бизлерге тәлим-тәрбия берген устазларымыз бенен хошласып атырмыз. Бул әлбетте, қыйын жағдай. Бүгинги кешеде бизлерге устазларымыз ҳәм аўыл жасыүлкенлери өзлериниң жақсы тилеклерин билдирип атыр. Келешекте олардың билдирген бундай жоқары исенимин  толық ақлап шығыўға ўәде беремиз.

Буннан соң «соңғы қоңыраў»  қағылып, оның сыңғырлаған сести астында оқыўшылар өзлериниң ана-мектеби менен хошласты.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы