Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Әмиўдәрья райоында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Қарар тийкарында район аймағындағы ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў мақсетинде 25 миллиард  595 миллион сум қаржы ажыратылыўы белгиленген. Атап айтқанда, жәми 26 объектте, соннан 20 пуқаралар жыйынында ишки жолларды оңлаў, 2 пуқаралар жыйынының ҳәкимшилик имаратын қурыў ҳәм екеўинде суў объектин реконструкциялаў, 1 пуқаралар жыйынына электр тармағын тартыў режелестирилген.

Барлық объектлердиң тендер саўдалары жуўмақланып, белгиленген тәртипте жумысты бөлип алып ислеўши мәкемелер анықланды ҳәм қурылыс жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, жумысты бөлип алып ислеўши мәкемелер тәрепинен  15 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында 44,4 километр узынлықтағы ишки жолларға тас төсеў жумыслары, Дослық мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы универсал балалар спорт майданшасын жаңадан қурыў, Қыпшақ аўыл пуқаралар жыйынына  2 километр узынлықтағы кабель тартыў, Хизр эли ҳәм Жоқары аўыл аўыл пуқаралар жыйынларының ҳәкимшилик имаратларын жаңадан қурыў жумыслары жуўмақланды.

Атап айтқанда, Хизр эли ҳәм Жоқары аўыл аўыл пуқаралар жыйынларының ҳәкимшилик имаратлары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылыўы, шетки аймақлар турғынлары ушын ҳақыйқый саўға болды. Алдынлары  Хизр эли аўыл пуқаралар жыйыны ҳәкимшилик имараты болмағаннан кейин  белсендилер аймақтағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратында жумыс алып баратуғын еди. Жоқары аўыл аўыл пуқаралар жыйыны район орайынан бираз алыста жайласқан болса да, аймақ турғынлары  “Басламалы бюджет” жойбарына белсене қатнасып келмекте. “Тупроққалъа махсус қурилиш”, “Коммунал рем строй” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен қурып питкерилген имаратларда хызметкерлер ушын барлық шараят жаратылған.

Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 31-август күни қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен республикамызды раўажландырыўдың жаңа бағдарламасы белгилеп берилди. Усы пәрман тийкарында аймақта кең көлемли инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Жаңадан исбилерменлик субъектлери иске түсирилмекте.

Президентимиз тәрепинен пуқаралар жыйынларының инфраструктурасын раўажландырыўды буннан былай да жақсылаў, халықтың турмыс шараятын жоқары дәрежеге көтериў мақсетинде анық илажлар белгилеп берилди. Усы мақсетте 2022-жыл 6-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Қарақалпақстан Республикасының аймақларын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, қолай бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында районда жәми 24 километр узынлықтағы ишки хожалық жолларын оңлаў режелестирилген болса, районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен қосымша 13 километр жолды артығы менен оңлаўды режелестирилген. Анығырақ айтқанда, районда 37 километр ишки хожалық жолы оңланады. Буның ушын мәмлекетлик бюджеттен 2 миллиард 964 миллион сум қаржы ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип   турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында райондағы 49 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 1868 шаңарақтың 1856 турақ жайының төбеси бастырылып бериледи. Сондай-ақ жасаў ҳәм оңлаў ушын жарамсыз болған 12 турақ жай қайтадан қурылады. Қарарға муўапық Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларындағы 2 мың километр топырақ жолларға қум-тас төсеў жумыслары алып барылады.

Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районында барлық турақ жайлар хатлаўдан өткерилип, атап өтилген шаңарақлардың ҳақыйқаттан да жәрдемге мүтәж екенлиги белгили болды. Бүгинги күни бул турақ жайларды оңлаў ҳәм қайта қурыў жумыслары баслап жиберилди.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Бўз яп аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Амат Базарбаев жалғыз өзи жасайды. Бул пуқараның жасаўға жарамсыз жағдайға келип қалған турақ жайы “Гўна қалъа Манғит” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қайтадан қурылмақта. 2 бөлмели заманагөй усылда қурып берилип атырған турақ жайдың қурылыс жумысларының баслап жиберилгенине қуўанғанынан өзи де қурылысшыларға жақыннан жәрдем бермекте.

Мине, усындай социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардан бири Қизилчоли пуқаралар жыйынында жасаўшы Насиба Сийтмамутова болып табылады. Ол еки перзенти менен жасайды. Өмирлик жолдасы қайтыс болғаннан кейин жалғыз ана бираз қыйналып қалды. Оның үстине жасаўға жарамсыз жағдайға келип қалған турақ жайынан жаўын өтип, тиришилик ушын жалланба мийнет  етиўге мәжбүр болмақта. Президентимиздиң айрықша ғамқорлығы ҳәм итибарының нәтийжесинде оның турақ жайының қурылысы  “Жумуртов тех таъмир сервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта. Қәнигелердиң атап өткениндей, қурылыс жумыслары келеси айда питкерилип, үй ийесине салтанатлы жағдайда тапсырылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жоқарыда атап өтилген қарарларының қабыл етилиўи арқалы республикамыздағы пуқаралар жыйынларының инфраструктурасын раўажландырыўдың тийкарғы параметрлери ҳәм қаржыландырыў дәреклери шешип берилди. Халқымыз болса бул қарарлардың орынланыўының гүўасы болып, мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын”  принципи тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың унамлы нәтийжесине исеним пайда етпекте.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы