Мәмлекетимиздиң барлық жерлериндеги сыяқлы Әмиўдәрья районындағы улыўма билим бериў мектеплеринде “Соңғы қоңыраў” илажлары өткерилди.

2022-2023-оқыў жылының жуўмағына бағышланып райондағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өткен илажда дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Соңынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасып, жыйналғанларды быйылғы оқыў жылының жуўмақланыўы менен қутлықлады.


Район ҳәкими С.Йўлдашев мектеп питкериўшилериниң елимизде жаратылған имкаятлардан кеңнен пайдаланған ҳалда, келешекте жетик қәнигелер болып жетилисиўине, елимиздеги заманагөй кластерлер, фермер хожалықлары ҳәм өндирислик кәрханаларда, фирма ҳәм компанияларда, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес  шөлкемлерде, мәдений ҳәм дөретиўшилик жәмәәтлерде жумыс баслап, Ўатанымыздың раўажланыўына, халқымыздың абаданлығына үлес қосатуғынлығына исеним билдирди.

Атап өтилгениндей, быйыл райондағы улыўма билим бериў мектеплерин 2 мың 704 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан 31-санлы улыўма билим бериў мектебинен 76 питкериўши өмирге жоллама алмақта. Олардан екеўи алтын, биреўи гүмис медалын алыўға миясар болды.

Илажда сондай-ақ, нураний устазлардан бири Саним Узакбаева, ата-аналар сөзге шығып,  жасларды мектепти табыслы питергени менен қутлықлады. Имтиханларынан табыслы өтип, жоқары оқыў орынларының студентлери болыўына тилеклеслик билдирди.

Пән олимпиадалары, интеллектуаллық беллесиўлерде, дөретиўшилик таңлаўларда жеңимпаз болып, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасып жүрген жасларға, олардың устазлары менен ата-аналарына алғыснамалар, естелик саўғалары тапсырылды.



Илаж соңында соңғы қоңыраў қағылып, питкериўшилер мектеби ҳәм устазлары менен хошласты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги