Бүгин елимиздеги барлық билимлендириў мектеплериниң 11-класын тамамлап, үлкен өмир жолына қәдем қойып атырған питкериўши жаслар ушын умытылмас күн. Олар бүгин бахытлы балалығы, жанажан мектеби, қәдирли устазлары ҳәм он бир жыл бирге оқыған дослары менен хошласпақта.

Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, бүгин Кегейли районында жайласқан  қәнигелестирилген ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраў сеслери жаңлады.

Кегейли районындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген байрам илажына район ҳәкими Д.Утемуратов қатнасып, илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып  еситтирди ҳәм мектепте оқыў дәўиринде өзиниң үлгили тәреплери менен оқыўшыларға өрнек болған бир қанша питкериўшилер ҳәм олардың ата-аналарына Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Миннетдаршылық хатларын тапсырды.









Соңынан илаж қатнасыўшыларына питкериўшилер тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, оқыўшылар тәрепинен соңғы қоңыраў қағылды.

Соны да айтып өтиўимиз керек, Халқабад елатында жайласқан 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1524 оқыўшы билим алып, 11-класты 64 оқыўшы мектепти тамамлап атыр.

Ал, Кегейли районы бойынша болса, быйыл жәми 38 улыўма орта билим бериў мектеплерин 624 оқыўшы питкерип шықпақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы