Бүгин елимиздиң барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын тамамлап, үлкен өмир жолына қəдем қойып атырған питкериўши жаслар ушын умытылмас күн. Себеби, бул күни мәмлекетимиздиң бир неше жүз мыңлаған жаслары үлкен турмыс гүзарына жол алмақта.

Тахтакөпир районлық  Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» сүрени астында «Соңғы қоңыраў» кешеси болып өтти.



Оған район ҳəкими Ж.Адилов қатнасып, мектеп питкериўшилерине Президентимиздиң питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм олардың алдағы ислерине табыслар тиледи.

Сондай-ақ, кешеде усы жуўмақланып атырған оқыў жылында өзиниң үлгили минез-қулқы менен көзге түсип, оқыў ҳәм жәмийетлик ислерде өз қатарларына өрнек болған бир қатар оқыўшылар менен олардың ата-аналарына Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Тахтакөпир районындағы  бул билим дәргайында 633 оқыўшы оқып атырған болса, соннан, 24 оқыўшы 11-классты табыслы тамамлап үлкен өмирге қәдем қоймақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы