Елимизде ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги абырайын және де беккемлеўге, гендер теңликти тәмийинлеўге, оларды ҳәр қыйлы күш көрсетиў ҳәм зорлықлардан қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бирақ, соған қарамастан, ҳәр қыйлы көринистеги зорлықларға дус келип атырған ҳаял-қызлар аз емес.

Нөкистеги «Дослық үйи»нде Ҳаялларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайы тәрепинен зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитациялаўда социаллық бирге ислесиўге бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажға Ҳаялларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими,  Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында Ҳаялларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы С.Насырова елимизде ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, оларға медициналық, психологиялық, социаллық, педагогикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да көрсетилген жәрдемлер ҳаққында кең түрде мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ, бирге ислесиўши уйымлардың жуўапкер ўәкиллери тәрепинен бул бағдарда исленген жумысларға тоқтап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң хызметкерлери тәрепинен «Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги