Пүткил мәмлекетимиз бойлап «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» сүрени астында улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде өткерилип атырған «соңғы қоңыраў» кешеси быйылғы оқыў жылында жаңадан ашылған Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатында да көтериңки руўхта болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери менен басланған питкериў кешесин мектеп-интернаты директоры И.Сулайманов ашты ҳәм мектеп оқыўшыларының пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда ерискен жетискенликлерин мақтаныш пенен айтып өтти.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы қәнигелестирилген мектеплер агентлиги директоры А.Үббиев, Нөкис қаласындағы Президент мектеби директоры М.Насыровлар шығып сөйлеп, барлық питкериўшилерди, олардың ата-аналары ҳәм устазларын оқыў жылының табыслы жуўмақлағаны менен қутлықлап, оқыўшылардың өзлери қәлеген жоқары оқыў орынларына кириўине тилеклеслик билдирди.
Буннан соң оқыў жылы даўамында өзиниң үлгили пазыйлетлери менен көзге түсип, пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарына Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Салтанатлы кеше мектеп питкериўшилери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы оқыў жылында бул мектепти анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдары бойынша 28 оқыўшы тамамламақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.