Бүгин Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде де «Соңғы қоңыраў» қағылып, быйыл 9-11-классты питкериўши жаслар үлкен турмысқа дәслепки қәдемин қоймақта.
Бул мектепте 2022-2023-жылғы оқыў жылында, жәми 2522 оқыўшы билим ҳәм тәрбия алды. Оларға мектептеги 170 муғаллим өзлериниң бар билимлерин берип, жақсы инсан етип тәрбиялаўға ҳәрекет етти.
– 2022-2023-оқыў жылында мектебимизде 9-классты 172 оқыўшы, 11-классты 105 оқыўшы питкерип атыр. Көпшилиги оқыўларында жақсы нәтийжелерге ерисип, муғаллимлериниң алғысына бөленбекте. Соннан кәсип өнер мектебине 11 оқыўшы, академиялық лицейге 25 оқыўшы ҳүжжетлерин тапсырыў алдында турыпты. Быйыл мектебимиздиң питкериўши оқыўшыларынан 27 оқыўшы халықаралық сертификатларға ийе болды.
Мақтанышлысы, 2022-2023-оқыў жылында мектебимизди питкерип атырған 4 оқыўшы мүддетинен алдын жоқары оқыў орнына кириў бахтына миясар болды. Бул нәтийжелердиң барлығы Елбасшымыздың билимлендириўге қаратып атырған айрықша итибарының нәтийжеси, деп ойлайман,-дейди мектеп директоры В.Каленова.
Бул жерде усы мектепти 20 жыл алдын питкерип кеткен 100 ге шамалас оқыўшылар да жыйналған екен.
– Бизлер 1992-2003-жыллар аралығында оқып, ҳәммемиз усы мектепти табыслы тамамладық,-дейди олардың бири Равшанбек Бекетаев. – Көпшилиги жоқары оқыў орынларына кирип, жоқары мағлыўматлы болды. Жумысқа кирип, ҳәзирги ўақытта өз кәсибиниң маманы дәрежесине жетисти.
Бүгин мектепти питкергенимизге 20 толыўы себепли, 2003-жылғы питкериўшилердиң барлығы жыйналып муғаллимлеримизден хабар алыўға келдик. Оқыўшыларының жетискенликлерин көрип муғаллимлеримиз де қуўанып, пәтиясын берип атыр.
«Соңғы қоңыраў» илажында шығып сөйлеўшилер де, оқыўшыларының жетискенликлерин мақтаныш етти.
Илажда мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги