Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Э.Таджиев  тәрепинен халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў, машқала ҳәм усынысларды үйренип, оларды унамлыв шешиў мақсетинде Беруний районында көшпели қабыллаў  ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Қабыллаў даўамында пуқараларды жер даўы ҳәм жер ажыратыў, шарўашылық, дийқаншылық ҳәм халықтың қыйтақ жерлерине суў мәселеси, сондай-ақ бәнтлик, турақ жай менен тәмийинлеў, басқа да мәселелерге байланыслы  19 мүрәжат тыңланды.

Районда 40 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынындағы “Жаслардың балансы”ндағы 14-30 жастағы жаслардың саны 52 мың 741 ди қурайды. Соннан 31 жас республика прокурорына бириктирилген болып,  үйме-үй жүрип олардың машқалалары үйренилди. Нәтийжеси бойынша Жуманиязов атындағы, Лалазар, Тынышлық аўыл пуқаралар жыйынларындағы емлениўге мүтәж жаслар районлық медицина бьирлеспесине бириктирилди.

Қабыллаўдан соң секторлардың басшыларына, ҳәким жәрдемшилерине, жаслар жетекшилери менен профилактика инспекторларына жумысларын еле де жеделлестириў, мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм олардың шешимин табыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги