Миллий гвардия Ташкент Темурбеклер мектебинде өткерилген “Жас гвардияшылар” әскерий-Ўатанды сүйиўшилик таңлаўының Өзбекстан көлеминдеги басқышында Төрткүл районындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Темурбеклар әўлады” командасы сыйлы биринши орынды ийеледи.
Жәми 15 команда қатнасқан жарыста екинши орынды Наўайы қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң, үшинши орынды Наманган ўәлаяты Чартақ районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командалары қолға киргизди.
Жарыстың сыйлықлаў мәресиминде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Миллий гвардия, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жанындағы Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, сондай-ақ басқа да бир қатар мәрдар министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Сыйлы орын ийелерине медальлар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Төрткүл районындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебиниң Әскерий тәлим оқытыўшысы Aкмал Aбдукаримов оқыўшыларды жарысқа таярлаўдағы айрықшы хызметлери ушын 1-дәрежели Миллий гвардия көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги