Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жас дөретиўшилериниң Замин-2023 семинарының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты аймақлық басқышы болып өтти.
Онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид, бөлим баслығы Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы Кеңесбай Каримов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының Хорезм ўәлаяты бөлими баслығы Г.Ибадуллаевалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жаслардың заман талабына сай тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған итибар, соның ишинде, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған кең көлемдеги жумысларды мақтаныш пенен айтып өтип, семинар қатнасыўшыларының дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи.
Буннан соң семинар поэзия, проза, көркем-публицистика, драматургия, балалар әдебияты ҳәм әдебияттаныў бағдарлары бойынша секторларға бөлинип, өз жумысын даўам еттти.
Семинарда жас дөретиўшилердиң дөреткен шығармалары тәжирийбели жазыўшы ҳәм шайырлар тәрепинен көрип шығылып, жасларға өз бағдарлары бойынша тийисли жол-жобалар берилди.
Поэзия жанрында дөретиўши жаслар арасында шайырлар мушайрасы өткерилди.
-Бул семинарды өткериўден тийкарғы мақсет, елимизде көркем әдебиятқа қызығыўшы талантлы жасларды излеп таўып, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады,-дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид.-Семинар оғада мазмунлы болып өтти деп ойлайман. Ең баслысы, бизлер бул семинар даўамында өзлеримизге жаңа дөретиўшилерди тапқандай болдық.
Семинар соңында илаж қатнасыўшыларына арнаўлы сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылып, бул оларда умытылмас тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы