Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында «Жаңа методикалар: заманагөй педагоглардың кәсиплик ҳәм жеке раўажланыўының гиреўи» атамасында халықаралық (онлайн/оффлайн) илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияға Қазақстан, Россия, Украина, Беларусь мәмлекетлериниң қәнигелери, Өзбекстан ҳуқық қорғаў академиясы, ўәлаятлардағы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайлары, жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў институтларының ўәкиллери, улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери қатнасты.



Конференция өзбек, қарақалпақ, орыс ҳәм инглиз тиллеринде алып барылды.

Конференцияның мақсети педагогика илимий бағдары менен байланыслы болып, педагогларды кәсиплик ҳәм жеке раўажландырыў, соның менен бирге, республикамызда билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар бойынша өз-ара пикир алысыў, жас илимпаз, магистрант, докторант ҳәм қәнигелердиң илимий-изертлеў жумысларының сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, алдыңғы технологиялардан пайдаланыў бойынша усыныслар жаратыў болып есапланады.

Конференцияның жалпы мәжилисин Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының директоры Б.Диланов ашып берди.

Онда илимпаз қәнигелер, Украина педагогика илимлери миллий академиясынан Вера Чудакова, Кубань мәмлекетлик университетинен Александр Мальков, Херсон мәмлекетлик университетинен Людмила Перминова, Россия билимлендириў министрлигиниң халықаралық бирге ислесиў орайынан Сергей Сидоров, Белорусь мәмлекетиниң жоқары мектеп республикалық институтынан Ольга Григорьева, Қашқадәрья ўәлаяты Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайынан Матлюба Шодиева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, инновациялық ҳәрекетлерге ҳәм компетентликке психологиялық таярлықты қәлиплестириўдиң интегратив технологияларын енгизиў арқалы заманагөй педагогтың кәсиплик ҳәм жеке раўажланыўына кепиллик бериў, санлы билим бериўде оқыўшылардың оқыў мағлыўматларын ядлаў өзгешеликлери, үш субъектли дидактика модели тийкарында оқытыўдың заманагөй түрлери мәселелеринде баянатлар жасады.

Сондай-ақ, сырт еллердеги мектеплерде «Рус диалоги» мультиформат майданшасы арқалы рус тилин үйрениўге қызығыўшылықты раўажландырыў, санлы сторителлинг оқытыў процесиниң сапасын арттырыў ҳәм оқытыўдың инновациялық методы сыпатында, мектеп муғаллимлериниң жеке ҳәм кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеў мәселелери, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаўда класстан тыс жумыслардың роли, санлы дәўирдеги жәмийетте қәўиплер машқалаларының актуаллығы, баслаўыш класс оқыўшыларының дөретиўшилик жумысларын басқарыў бойынша муғалимлерди арнаўлы психологиялық таярлаў, кинотехнологияларды рус тилин үйрениўге қызығыўшылығын көтериў әсбапы сыпатында қолланыў (Қоңырат районы миллий ҳәм рус класслары мысалында) мәселелери де додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда билимлендириў тараўында түпкиликли жаңаланыўлар көзге тасланбақта. Мектеп билимлендириўи мәмлекетимизде тийкарғы дыққат-итибарды талап ететуғын билимлендириў түрине айланды. Егер, дәслепки дәўирде тәлим-тәрбия тараўының баслы мақсети-сапалы билим бериўден ибарат болған болса, бүгин, оған қосымша, оқытыў барысының нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпалары күн тәртибине киргизилмекте.

– Муғаллимлердиң статусын, олардың абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў мәселесиниң Конституцияда өз алдына белгилениўи үлкен әҳмийетли ислерден бири болды,-деп атап көрсетиў мүмкин,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының директоры Б.Диланов.

Бул норма педагоглардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатының кемситилиўине, олардың мийнетке мәжбүрлениўине, тәлим-тәрбия процесине тосқынлық етиўдиң ҳәр қандай формаларына, муғаллимлердиң ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаў бойынша нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған илажларды көриўге хызмет етеди. Муғаллимлердиң абырайын арттырыў, қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық пәраўанлығын тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалардың Конституцияда белгилеп қойылыўы перзентлеримиздиң сапалы ҳәм заманагөй билим алыўына, келешекте абадан турмыста жасаўына хызмет етеди, деп исеним менен айтыўымыз мүмкин.

Конференция секцияларға бөлинип жумысын даўам етти.


Оларда педагогика, психология ҳәм методика тараўындағы соңғы жаңалықлар ҳәм халықаралық тәжирийбелер, оқыў-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириўдиң заманагөй түрлери, оқыў-тәрбия процесинде санлы технологиялардан пайдаланыў мәселелери, мектеп муғаллимлериниң оқыў процесине қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке интеллектуаллық раўажланыўын тәмийинлеў мәселелери, жаңа  методикаларды енгизиў–педагоглардың кәсиплик раўажланыўының тийкарғы факторы мәселелери сөз етилип, секцияларға қабыл етилген мақала тезислери арнаўлы жумысшы топар тәрепинен көрип шығылды ҳәм үйренилди.

Конференцияға республикамыздағы барлық билимлендириў түрлерине тийисли мәкемелерден, сондай-ақ, сырт еллерден де жәми 200 ден аслам мақала тезислери тапсырылды. Солардан, 20 дан аслам мақала тезислери сырт елли қәнигелерден, кәсиплеслеримизден келип түскенлигин айрықша атап өтиў керек.

– Мен конференцияға Россия федерациясы билимлендириў министрлигиниң халықаралық бирге ислесиў орайынан, Е.Д.Стасова атындағы «Халықаралық мектеп «Интердом»ның ўәкили сыпатында қатнасып атырман. Бир жылдан берли Өзбекстан мектеплериниң жумыслары менен танысып, жумыс ислеп атырман,-дейди педагогика илимлериниң кандидаты, доцент С.Сидоров. – Тийкарғы жайласқан жерим Төрткүл районындағы 1-санлы мектеп. Бул мектепте бизлер оқыўшыларды рус тилине қызықтырыў ушын халықаралық тәжирийбелерге сүйенген ҳалда ҳәр қыйлы методикаларды қолланып, сынақтан өткерип атырмыз.

Алдымызға қойған мақсетимиз, Өзбекстан муғаллимлериниң рус тилинде сәўбетлесиў имканиятларын кеңейтиў, оқытыўдың жаңа формаларын қолланыў тәжирийбесине ийе болыў, оқыўшыларды рус мәденияты, үрп-әдетлери ҳаққында қосымша мағлыўматлар менен таныстырыў болып есапланады.

Конференцияда халықаралық бирге ислесиў мәселелери де сөз етилип, пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги