Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, мәмлекеттиң Велосипед спорты федерациясы басшысы Танзила Норбоева Азия велоспорт конфедерациясы президенти Осама Ал-Шафарды қабыллады.
Ушырасыўда елимизде велоспортты және де раўажландырыў, велосипед спорт түрлерин халық арасында ғалаба ен жайдырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды усы спорт түрине кеңнен тартыў, профессионал спортшыларды таярлаў, Азия велоспорт конфедерациясы менен биргеликте перспективалы режелерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан велосипед спорты федерациясы көзге көринерли жетискенликлерге ерисип атырғаны, Өзбекстан ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командалары UCI Олимпиада рейтингинен орын алғаны, ересеклер сайланды командасы UCI халықаралық рейтингинде 52-орыннан 34-орынға, ҳаял-қызлар сайланды командасы 22-орыннан 17-орынға көтерилгени атап өтилди.
Өз гезегинде, Осама Ал-Шафар Өзбекстанда велоспортты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлерди, спортшылар ушын жаратылып атырған шараятларды жоқары баҳалап, атлетлеримиздиң қысқа дәўир ишинде жәҳән велоспорт әлеминде өз орнына ийе болғаны ҳәм Азия континенти өзбекстанлы спортшылардың жетискенликлери менен мақтанып атырғанын билдирди.
Соның менен бирге, Азия велоспорт конфедерациясы буннан кейин де Өзбекстанда велоспортты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин атап өтти.
Т.Рўзиев, ӨзА